Европа дипломатиясының бурынғы басшысы Федерика Могерини алдаўшылық иси бойынша қамаққа алынды

64

Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша бурынғы жоқары ўәкили, ҳәзирги ўақытта Европа колледжиниң ректоры Федерика Могерини Бельгияда қамаққа алынды.

Жумыс ЕА тәрепинен қаржыландырылатуғын жас дипломатларды таярлаў бағдарламасына байланыслы. Гәп 2021-2022-жылларда Европа колледжине берилген оқыў бағдарламасын өткериў тендерине тийисли. Атап өтилиўинше, жумыс шеңберинде “коррупция, мәплер соқлығысыўы ҳәм кәсиплик сырды бузыў” жағдайлары тексерилип атыр.

Жәми үш гүманланыўшы қолға алынған. Олардың арасында Могериниден тысқары Стефано Саннино (италиялы дипломат ҳәм Европа сыртқы байланыслар хызметиниң бурынғы бас хаткери) де бар. Үшинши қолға алынған шахс Европа колледжиниң менеджери делинбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги