Аймақлардағы ҳаўа патасланыўы бойынша оператив илажлар көрилмекте

Ҳәзирги ўақытта Ташкент ҳәм мәмлекеттиң бир қатар аймақларында бақланып атырған ҳаўа патасланыўына қарсы гүресиў бойынша барлық жуўапкер структуралар мобилизацияланған.
Президент Администрациясы басшысы Саида Мирзиёеваның мәлим етиўинше, дүзилген Арнаўлы комиссия тәрепинен бир қатар рейдлер өткерилип, экологиялық нызамбузыўшылыққа жол қойған шахс ҳәм шөлкемлерге қатаң шаралар көрилмекте.


Мәжилисте комиссия жумысының дәслепки нәтийжелери додаланып, ҳәкимликлер ҳәм уйымлардың басшылары есабат берди. Администрация басшысы қабыл етилип атырған қарарлар келешекте бундай жағдайлардың алдын алыўға хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти.


“Миллет саламатлығы екинши дәрежели мәселе болыўы мүмкин емес – таза ҳаўа, суў ҳәм саламат экологиялық орталық ушын гүрес алдымызда турған ең тийкарғы ўазыйпалардан бири,” дейди С.Мирзиёева.
ӨзА