Сенат Баслығы басшылығындағы парламент делегациясы Венгрияда болды

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы парламент делегациясының Венгрияға сапары шеңберинде Венгрия Президенти, Миллий Ассамблеясы Спикери менен ушырасыў нәзерде тутылған.
Өзбекстан Сенаты ҳәм Венгрия Миллий Ассамблеясы арасында бирге ислесиў ҳаққында өз-ара келисим меморандумына қол қойылыўы күтилмекте.
Сапар даўамында Өзбекстан парламент делегациясы Будапешттеги Қаҳарманлар майданында болды.

Сенат Баслығы Т.Норбоева Қаҳарманлар майданындағы Белгисиз әскер естелигине гүл қойды ҳәм Венгрия халқының азатлық ушын гүрескен қорғаўшыларының естелигине ҳүрмет көрсетти.
Бул естелик үлкен таслы кенотафтан ибарат болып, Ўатан қорғаўшыларының мәңгилик естелигине ҳүрмет тымсалы сыпатында бой тиклегенин атап өтиў керек.

Бул естелик дәслеп 1929-жылы Биринши жер жүзилик урыс қурбанларын еслеў мақсетинде орнатылған. 1956-жылы мүсинши Бейла Гебхардт жобасы тийкарында қайта тикленген, 2001-жыл 20-августта болса Андраш Силагияи тәрепинен жаратылған ҳәзирги көринисинде ашылған.
Сенат Баслығы Ҳүрметли мийманлар китабына шын жүректен сөзлерин жазып қалдырды.
ӨзА