«Бестөбе» мәҳәллеси турғынлары менен ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласының шетки аймақларының бири болған Бестөбе мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасып, олардың турмысында ушырасып атырған машқалаларын тыңлады.
Өткерилген ушырасыўда пуқаралар тәрепинен аймақта медициналық хызмет көрсетиўди жақсылаў, жол инфраструктурасын оңлаў, социаллық жәрдемлер көрсетиў, мәҳәлледе жасаўшыларды ағын суў менен тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көтерилди.
Билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине сол орынның өзинде шешимин табыў илажлары көрилип, мәселелерди тез пурсатта орынлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди. Ўақыт талап етилетуғынлары Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды ҳәм тез арада унамлы тәрепке шешилетуғынлығы атап өтилди.

Инсан қәдири жоқары болған елимизде ҳәр бир машқала сапластырылыўы ҳәм пуқараларды қыйнап киятырған мәселелер өз шешимин табыўы керек. Усы мақсетте әмелге асырылып атырған ийгиликли басламалар ҳәм әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги