Нәшебентлик ҳәм наркожынаятларға қарсы гүресиў нәтийжелилиги арттырылмақта

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Анық пәнлер факультетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халықтың саламатлығы ҳәм миллет генофондын нәшебентлик ҳәм наркожынаятлардан нәтийжели қорғаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпаларға арналған үгит-нәсият ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўға факультет деканының орынбасары Халмурат Есемуратов, институт профилактикалық инспекторлары Әдилбай Мәмбетшерипов, Мийригүл Нарымбетова, сондай-ақ, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер республикамызда нәшебентликке қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясат, пәрманның тийкарғы бағдарлары ҳәм жаслардың ҳуқықый санасын жетилистириўге бағдарланған баслы ўазыйпалар ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Ушырасыў даўамында нәшебентлик затларды пайдаланыўдың унамсыз ақыбетлери, оның шахс, шаңарақ ҳәм жәмийетке келтиретуғын зыянлы тәсири, наркожынаятлардың алын алыў бойынша әмелий усыныслар атап өтилип, саламат турмыс тәризиниң әҳмийети түсиндирилди.

Сондай-ақ, жаслар арасында ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықтың басқа да түрлериниң алдын алыў, студентлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў сыяқлы күнниң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Наркожынаятлар профилактикасы бойынша таярланған видеофильм қатнасыўшылар дыққатына усынылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги