Өзбекстан Конституциясы – нызам үстинлигиниң әҳмийетли кепили

Мәмлекетимиздиң Тийкарғы нызамына бола, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады. Өз гезегинде, әйне Бас нызамымыз нызам үстинлигиниң әҳмийетли кепили болып есапланады.
Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети доценти Зарина Исроилова бул ҳаққында пикир билдирди:
– Бас нызамымызда Конституция ҳәм нызамның үстинлиги ҳаққында өз алдына бап киргизилген.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, тиккелей әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый мәканның тийкарын қурайды.
Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принцип ҳәм нормалары менен бир қатарда Өзбекстан Республикасы ҳуқықый системасының қурамлық бөлеги болып есапланады.
Егер Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасында Өзбекстан Республикасының нызамында нәзерде тутылғанынан басқаша қағыйдалар белгиленген болса, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамасы қағыйдалары қолланылады.
Мәмлекет ҳәм оның уйымлары, басқа да шөлкемлер, лаўазымлы шахслар, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм пуқаралар Конституция ҳәм нызамларға муўапық жумыс алып барады.
Усы бапта кепиллеп қойылған принциплер “Өзбекстан – ҳуқықый мәмлекет” деген идеяның тийкарын қурайды. Ҳақыйқатында да, ҳуқықый мәмлекетте барлық тараўларда, бәринен бурын, нызамлы тийкарларға сүйенген ҳалда жумыс алып барылады. Бул нызамлы тийкарлар болса Бас нызамымыздан басланады ҳәм, өз гезегинде, оның өзи кепил болып хызмет етеди.
Президентимиздиң атап өткениндей, “Биз кейинги ўақытларда “Нызам – муқаддес, ҳәр қандай жағдайда да әдилликти орнатыў шәрт!” деген ийгиликли принципти жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы, әсиресе, лаўазымлы шахслар ушын турмыслық қағыйдаға айландырыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 8-майдағы “Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы пәрманында жаңа редакциядағы Конституция жоқары юридикалық күшке ийе екенлигинен келип шығып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында тиккелей ҳәм сөзсиз қолланылыўы белгиленген.
Усы пәрман тийкарында барлық нызам ҳүжжетлери жаңа редакцияда қабыл етилген Конституцияға муўапықластырылды. Усы пәрман менен “Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясынан келип шығатуғын ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасы” тастыйықланды.
2025-жыл 21-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы Президент бийлигинде Өзбекстан Республикасы Конституциясының отыз үш жыллығын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде белгилеў, пуқараларды онда белгиленген ийгиликли қәдириятлар әтирапында бирлестириў, “Конституция – инсан қәдири, еркинлик, теңлик ҳәм әдиллик гиреўи!” деген бас идеяны өзинде жәмлеген руўхый-ағартыўшылық ҳәм басқа да илажларды нәтийжели шөлкемлестириў белгиленди.
Соннан келип шығып әмелге асырылып атырған илажларда да Конституцияда белгиленген халық ҳәкимияты, инсан қәдири, еркинлик ҳәм теңлик, социаллық әдиллик ҳәм аўызбиршилик сыяқлы ийгиликли идеялар елимизде әмелге асырылып атырған реформаларда өз көринисин таўып атырғаны көрсетип берилмекте.
Атап айтқанда, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде Конституция сабақлары шөлкемлестирилип, онда Конституция тийкарында инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўында пүткиллей жаңа басқышқа өтилгени ашып берилмекте.
Бундай илажлар жаслардың қәлбинде мәмлекеттиң Тийкарғы нызамына ҳүрмет сезимин қәлиплестириў менен бирге, инсан ҳуқықларына әмел етиў, оны әмелде тәмийинлеў сыяқлы ҳуқықый мәдениятты қәлиплестиреди.
Н.Абдураимова,ӨзА