Өзбекстан экономикасы келеси үш жылда қандай пәтлерде өседи?

13

Өзбекстанның 2026-2028-жыллар ушын орта мүддетли макроэкономикалық прогнозлар ҳәм пул-кредит сиясатының тийкарғы бағдарлары мәмлекет экономикасының сыртқы ҳәм ишки шараятларын есапқа алған ҳалда ислеп шығылды.

Бул ҳаққында Орайлық банк мәлим етти.

Сыртқы орталықтан келип шығатуғын қәўип-қәтерлер арасында жәҳән экономикасындағы анықсызлықлар себепли глобаллық өсиў салыстырмалы төмен болып қалыўы, инфляция бойынша мақсетли көрсеткишлерге ерисиўдиң узағырақ даўам етиўи, валюта базарларында кескин өзгерислер бақланбаўы ҳәм алтын баҳаларының жоқары дәрежеде сақланыўы прогноз етилмекте.

Ишки орталықта болса, тийкарғы сценарийге бола, жалпы талап басқышпа-басқыш турақласады. Кредитлер өсиўи нормалласады. Мийнет өнимдарлығына сәйкес рәўиште мийнет ҳақы артады. Пул өткермелери орта мүддетли траекторияға қайтады. Инвестициялардың турақлы ағымы тәмийинленеди.

Тийкарғы сценарий бойынша ЖИӨниң реал өсиўи, 2026-жылы 5,5-6,5 процент, 2027-2028-жылларда 6-7 процентке өсиўи прогноз етилмекте.

Орайлық банк 2027-жылдың ақырына шекем инфляцияның 5 процентлик мақсетли көрсеткишин тәмийинлеўге итибар қаратпақта. 2026-жылдың ақырына шекем инфляция 7 процентке шекем төменлеўи, 2027-жылы 5 процентлик таргетке жетиўи ҳәм 2028-жылдан баслап усы дәрежеде қәлиплесиўи күтилмекте. Бул прогнозлар, меншиклестириў процесслериниң даўам етиўи, ишки ҳәм сыртқы инвестициялар көлеминиң турақлы өсиўи, климат пенен байланыслы қәўиплердиң күшеймеўи сыяқлыларға тийкарланған.

Бирге ислесиўши мәмлекетлер валюта курсының кескин қәдирсизлениўи, алтын баҳаларының сезилерли дәрежеде төменлеўи, импорт етилетуғын азық-аўқат өнимлери жәҳән баҳаларының сезилерли дәрежеде артыўы, фискал дефициттиң кеңейиўи, энергия тәмийнатындағы үзилислер инфляцияға тәсир етиўи мүмкин.

Сондай-ақ, ҳаўа-райы ҳәм климат шараятларының жаманласыўы, финанслық инклюзивлик арқалы тутыныў талабының артыўы ҳәм тәртипке салынатуғын баҳалардың күтилгенинен жоқары дәрежеде көтерилиўи де инфляцияға тәсир етиўи мүмкин.

Сондай-ақ, инфляцияның төменлеўине алып келиўи мүмкин болған шоклар арасында, алтын баҳасының кескин артыўы, меншиклестириў процесслериниң тезлесиўи, инвестиция ҳәм бәсеки орталығының жақсыланыўы нәзерде тутылған.

Бундай жағдайда пул-кредит сиясаты орта мүддетли перспективада инфляцияның 5 процентлик мақсетли көрсеткишин тәмийинлеўге қаратылған тәризде әмелге асырылады.

Ш.Маматуропова, ӨзА