Жасалма интеллект бойынша кадрлар таярлаў жаңа басқышқа шығады

Ҳуқықый қатнас
Кейинги жылларда жасалма интеллект технологиялары жедел пәтлер менен раўажланып, тек ғана экономика ҳәм илим емес, ал ҳуқықый қатнасықлар тараўында да жаңа талап ҳәм тәртиплерди қәлиплестирмекте.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 22-октябрьдеги пәрманы болса жасалма интеллектке байланыслы ҳуқықый механизмлерди тәртипке салыў ҳәм жуўапкершиликти белгилеў бойынша әҳмийетли өзгерислерди нәзерде тутады.
Бул пәрманның тийкарғы мақсети не ҳәм ол ҳуқықый қатнасықларға қандай тәсир көрсетеди?
Бул бойынша Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети “Бизнес ҳуқықы” кафедрасы оқытыўшысы Умида Бекмирзаева төмендегише түсиник берди:
– Президентимиздиң “Жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы мәмлекетимизде санлы трансформация процесин жаңа басқышқа алып шығатуғын әҳмийетли сиясий-ҳуқықый ҳүжжет болды.
Ол жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў, ҳәкимшилик процесслерде инсан факторын азайтыў ҳәм технологиялық раўажланыўды жеделлестириўге хызмет етеди.
Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўи менен жасалма интеллектти раўажландырыў бағдарындағы алдынғы дерек 2024-жыл 14-октябрьде тастыйықланған “Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы” менен басланған реформалар логикалық даўам етти.
Пәрман бул стратегиялық бағдарды анық мақсетлер ҳәм әмелий механизмлер менен беккемлейди. Бәринен бурын, 2026-жылдың ақырына шекем мәмлекетлик басқарыў, экономика ҳәм социаллық тараўда кеминде 100 жасалма интеллект жойбарын енгизиў, 2030-жылға шекем болса инфраструктураны раўажландырыў ушын 1 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестицияларын тартыў режелестирилмекте.
Буннан тысқары, 2026-2027-оқыў жылынан баслап мектеплер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң сабақлықларына жасалма интеллект бойынша арнаўлы темалар киргизилиўи, 2026-жылға шекем болса 15 жасалма интеллект лабораториясының иске қосылыўы нәзерде тутылған.
Пәрманның ең әҳмийетли тәреплеринен бири жасалма интеллект ушын беккем институционаллық экосистема жаратыў. Санлы технологиялар министрлиги жанында мәмлекетлик уйымлар, исбилерменлер, илимий топарлар ҳәм сырт елли экспертлерди бирлестиретуғын Мәсләҳәт кеңеси дүзиледи.
2026-жыл 1-январьдан баслап жасалма интеллект технологияларын өз ишине алған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер мәжбүрий тәртипте экспертизадан өткериледи. Криптоактивлер, электрон коммерция, қамсызландырыў, баҳалы қағазлар ҳәм блокчейн системаларында жасалма интеллект енгизиў ушын да өз алдына тәртиплер белгиленеди. Бул, әсиресе, базар экономикасы механизмлеринде жасалма интеллекттиң қәўипсиз ҳәм жуўапкершиликли қолланылыўын тәмийинлейди.
Пәрман жасалма интеллект бойынша кадрлар таярлаўды пүткиллей жаңа басқышқа көтереди. Мектеплерде “Жасалма интеллект күни” енгизиледи, “Информатика” сабақлықларына жасалма интеллект тийкарлары қосылады, “Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери” бағдарламасы жолға қойылады.
2026-жылдан “Жаңа Өзбекстан” университети негизинде Жасалма интеллект кластери шөлкемлестирилип, илим, санаат ҳәм халықаралық бирге ислесиў интеграцияланған ҳалда кадрлар таярланады.
Және бир үлкен ўазыйпа – өзбек тилиндеги жасалма интеллектти раўажландырыў. 2026-жылдың ақырына шекем 15 миллиард параметрли “Өзбек тили корпусы” жаратылады ҳәм кеминде 5 ири тил моделине интеграцияланады. Бул өзбек тилиниң санлы мәкандағы абырайын кескин арттыратуғын тарийхый қәдем болады.
Улыўма алғанда, пәрман Өзбекстанның жасалма интеллект сиясатын стратегиялық дәрежеден әмелий басқышқа өткермекте. Ол санлы экономика, мәмлекетлик басқарыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, гидрология, транспорт, энергетика сыяқлы тараўларда жасалма интеллект шешимлериниң кеңнен енгизилиўин, жаңа стартаплар екосистемасының қәлиплесиўин, инвестициялық тартымлылықтың артыўын ҳәм ең әҳмийетлиси, жас әўладтың глобал технологиялық процесске жедел қосылыўын тәмийинлейди.
Гулноза Бобоева,
ӨзА