Жиззақ ўәлаятының металл кәнлери үлкен перспективаға ийе

82

Мысалы, жылына 1 мың тонна вольфрам қазып алыў жойбары әмелге асырылмақта. Ғәллеарал ҳәм Нурабадтағы жойбарлар иске қосылса, Өзбекстан вольфрам ислеп шығарыў бойынша жетекши мәмлекетлерден бирине айланатуғыны атап өтилди.   

Жуўапкерлерге Ғәллеаралдағы алтын ресурсына ийе перспективалы майданға инвестор тартыў, Фориштеги қорғасын-цинк кәнинде геологиялық-излеў жумысларын жуўмақлаў, Арнасойдағы уран резерви анықланған кәнниң техникалық-экономикалық тийкарын жуўмақлаў тапсырылды.

Жиззақта цемент, газобетон, базальт, пардозлаў таслары, айна, каолин пигменти сыяқлы 100 ге шамалас түрдеги қурылыс материаллары ислеп шығарылмақта.

Егер терең қайта ислеўди жолға қойып, сапа, бренд ҳәм сертификат бойынша көбирек исленсе, қосымша қунды 20-30 процентке арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

ӨзА