Жиззақ ўәлаятының социаллық-экономикалық раўажланыўы жолында еле көп жумыслар ислеўимиз керек – Президент

31

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.

Пахташылыққа бейимлескен ўәлаяттың аўыл хожалығы да түп-тийкарынан диверсификацияланды.

Бахмал, Ғәллеарал, Зомин, Янгиобод, Фориш районлары бағшылыққа қәнигелесип, 28 мың гектар жаңа бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылды.

Мырзашөл, Дослық, Зафаробод, Зарбдор, Пахтакор, Арнасойдың шөл аймақларындағы 12 мың гектар жерлерде де бағ ҳәм овощ плантациялары шөлкемлестирилди.

Ўәлаятта 110 миллион доллар есабынан 390 мың тонна мийўе-овощларды кептириў, сақлаў, қадақлаў, қайта ислеў қуўатлықлары жаратылды.

Улыўма, соңғы сегиз жылда Жиззақта санаат 2,5 триллион сумнан 25 триллион сумға, хызметлер 2,5 триллион сумнан 20 триллионға, аўыл хожалығы 9 триллион сумнан 30 триллион сумға артқаны атап өтилди.

– Әлбетте, бул – үлкен реформаларымыздың басланыўы. Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолында еле көп жумысларды ислеўимиз зәрүр, – деди Президентимиз.

ӨзА