Жиззақ ўәлаяты республикадағы санааты ең тез өсип атырған аймаққа айланды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы басланды.
– Биз алдымызға жоқары шеклерди қойып, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында шын кеўилден мийнет етип атырмыз, жаңалықлар жаратып атырмыз ҳәм нәтийжелерге ериспектемиз.
Ўәлаятты қандай аўыр шараятлардан алып шыққанымызды, Жиззақтың ҳәр бир районында болып атырған үлкен өзгерислерди, адамлардың қуўанышын көрип, оғада қуўанышлыман ҳәм мақтанаман, – деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында.
Өткен дәўирде Жиззақ ўәлаяты республикадағы санааты ең тез өсип атырған аймаққа айланды. Сегиз жылда 6,5 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар иске қосылған болса, соның 45 проценти санаат үлесине туўра келеди.
Мәселен, Шараф Рашидов, Ғәллеарал, Фориш, Зомин районлары ҳәм Жиззақ қаласында 2,3 миллиард долларлық 560 жойбар иске қосылды. Бүгинги күнде бул районлар ўәлаят санаатының 70 процентин тәмийинлемекте.
ӨзА