Тоғай хожалығы мүмкиншиликлеринен пайдаланыў кеңеймекте

76

Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети системасындағы мәмлекетлик тоғай хожалықлары өзлерине бекитилген ўазыйпалар шеңберинде, хожалықлар кесиминде пал ҳәррешилик, балықшылық, шарўашылық ҳәм санаат өнимлерин жетистириў, халыққа төлемли хызмет көрсетиў, дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм таярлаў, саяманлы ҳәм мийўели тереклердиң нәллерин жетистириў, республикамыздың топырақ-климат шараятларына толық бейимлескен сийрек ушырасатуғын саяманлы, мийўели терек ҳәм дәрилик өсимликлерди егиў, тәрбиялаў, өнимин жыйнап-терип алыў ҳәм басқа да агротехникалық илажларды әмелге асырыў бойынша жумысларды  шөлкемлестиреди.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети баслығының орынбасары Ернияз Акимниязов пенен сәўбетлесип, бул жумыслар ҳаққында қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

– Тоғай хожалығы комитети системасындағы мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен қадағалаўға алынған жерлер туўралы мағлыўмат берсеңиз.

– Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети системасындағы тоғай хожалықларының улыўма тоғай фондының жер майданы 1 миллион 827 мың 750 гектар болып, соннан тоғай менен қапланған жер майданы 869 мың 475 гектарды қурайды. Тоғай хожалығы комитети системасында 11 мәмлекетлик тоғай хожалығы, 2 қәнигелестирилген тоғай хожалығы, 1 арнаўлы тоғай хожалығы жумыс алып бармақта.

Бул жерлерде тоғай майданларын кеңейтиў, нәл жетистириў, дәрилик шөплерди жыйнаў, шарўа маллары ушын жайлаў ажыратыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша бир қатар илажларды әмелге асырылмақта. Әсиресе, Президентимиздиң басламасы менен соңғы жылларда Арал теңизиниң қурыўы себебинен регионда келип шыққан экологиялық жағдайды жумсартыў мақсетинде теңиздиң қурыған ултанында жасыл қапламаларды пайда етиў бойынша көплеген илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 15-16-ноябрьдеги Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында жасыл қапламалы қорғаў тоғайлықларын жаратыў бойынша берилген тапсырмалары ҳәм Ҳүкимет қарарларына тийкарланып Арал теңизиниң суўы қурыған майданларында 2018-2025-жылларда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Усы күнге шекем 1 миллион 292 мың гектар майданда жер таярлаў жумыслары алып барылды. Арал теңизиниң суўы қурыған майданларында жәми 1 миллион 937 мың гектар, соннан 83,2 мың гектар жерге нәлден, 1 миллион 853 мың гектар майданға туқымнан “жасыл қапламалар” – тоғайлықлар жаратылды.

Бул жумыслар ушын жәми 7847 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары терип алынып, егиў жумысларына жумсалды. Быйылғы мәўсимде тоғайластырыў жумысларын әмелге асырыў ушын 413 тонна шөл өсимликлери туқымлары, соннан 124,2 тонна сексеўил, 228,8 тонна қарабарақ шөл өсимликлери терилди.

Буннан тысқары, быйылғы мәўсимде 71,9 мың гектар майданда шөл өсимликлериниң туқымы ҳәм нәлинен егиў жумыслары әмелге асырылды.

Соннан туқымнан 71 мың гектар (соннан самолёт жәрдеминде 52 мың гектар, техника жәрдеминде 19 мың гектар) ҳәм нәлден 0,9 мың гектар майданда егиў жумыслары әмелге асырылды.

Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизи ултанынан көтерилип атырған дузлы шаңлардың ақыбетлерин азайтыў, региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде теңиздиң қурыған аймақларында жасыл қапламалар, тоғайлықларды пайда етиў бойынша 2018-жылы басланған жумыс жедел даўам етпекте.

– Елимиз бойлап «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларда тоғай хожалығының үлеси қандай болмақта?

– 2025-жылдың 11 айы даўамында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл жеткерип бериў ушын тоғай хожалықлары тәрепинен терек нәллерин жеткерип бериў ушын 240 гектар майданда нәлханалар шөлкемлестирилди.

Тоғай хожалықлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-октябрьдеги “Өзбекстан Республикасында тоғай хожалығы қурамын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы арнаўлы қарарына тийкарланып белгиленген тапсырмалар бойынша бир қатар жумыслар нәтийжели түрде әмелге асырылды.

Усы қарарда белгиленген тапсырмалардың орынланыўы бойынша усы күнге шекем тоғай фондына тийисли 750 гектарлық жерди пайдаланыўға киргизиў мақсетинде өзлестирилди.

Мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен тоғай фонды жерлерин ижараға бериў бойынша да усы күнге шекем бир қатар жумыслар әмелге асырылып, жәми 405 гектарлық тоғай фонды жер майданларын жеке меншик секторларға ижараға бериў жумыслары әмелге асырылды.

Нәтийжеде, тоғай хожалықлары тәрепинен саяманлы, мийўели терек ҳәм путақ туқымларын таярлаў жумыслары 465 тоннаға, нәл жетистириў режеси 19,7 миллион данаға, тут нәлин жетистириў 2,7 миллион данаға жеткерилип, тәрбияланбақта.

Тоғайлардан қосымша пайдаланыў бойынша да жумыслар жеделлестирилип, жеке сектор субъектлери менен биргеликте шарўашылықты раўажландырыў ушын шарўа малларының саны 11 мың 563 басқа, қусшылықты раўажландырыў ушын қуслар саны 181 мың 128 ге, пал ҳәррешиликти раўажландырыў ушын пал ҳәррелери уяларының саны 19 мың 935 ке жеткерилиўине ерисилди. Сондай-ақ, 213 гектар майданда аўыл хожалығы егинлерин егиў жумыслары әмелге асырылды.

– Хожалықлар тәрепинен берилген мүмкиншиликлерден утымлы пайдаланып бағ жаратыў, дәрилик ҳәм азықлық өсимликлерди жетистириў ҳәм таярлаўға болған итибар қай дәрежеде?

–  Бул бойынша да жумыслар нәтийжели шөлкемлестирилип, мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен быйыл 832 гектар майданға дәрилик өсимликлер егилди. Соннан 1380 тонна өним таярланды.

Буннан тысқары, Шымбай мәмлекетлик тоғай хожалығы (МТХ) тәрепинен БМШ Раўажланыў бағдарламасының “Арал теңизиниң қурыған ултанының 80 гектар майданына сексеўил нәлинен тоғайлық пайда етиў” (90,8 млн. сум) жойбары тийкарында тоғайлықларды жаратыў жумысларын әмелге асырды. Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығының материаллық-техникалық базасын раўажландырыў мақсетинде 47,3 миллион сумлық грант тийкарында үскенелер алып келинди. Сондай-ақ, Тахтакөпир мәмлекетлик тоғай хожалығының материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ушын 106,3 миллион сумлық грант жойбары тийкарында үскенелер алып келинип, жумыс процесинде пайдаланылмақта. Қыпшақ МТХ тәрепинен 70,0 миллион сумлық «Аралбойы регионында бағ ҳәм терекзарлардың майданын кеңейтиў имканиятын жаратыў» грант жойбары тийкарында 5 гектар майданда бағ жаратылды.

Қараөзек мәмлекетлик тоғай хожалығының материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ушын 500,0 миллион сумлық техника ҳәм үскенелер алып келинип, олар ҳәзирги күнде нәлхана шөлкемлестириў ушын туқым егиў жумысларында пайдаланылмақта. Ҳәзирги ўақытта Бозатаў МТХ ға атыз шетлеринде қорғаў терекзарларын жаратыў ушын 150,0 миллион сумлық грант қаржылары тартылып нәл егиў жумыслары алып барылмақта.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам еттирилмекте.

 

Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы