Олий Мажлис Сенатында Россия Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси менен бирге ислесиў мәселелери додаланды

Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси Федерациялық структура, регионаллық сиясат, жергиликли өзин-өзи басқарыў ҳәм Арқа ислери комитетиниң баслығы Андрей Шевченко менен ушырасты.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик избе-из беккемленип атырғаны, әсиресе, еки мәмлекет Президентлери арасындағы турақлы сөйлесиў бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында пәт арттырып атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, регионлараралық байланыслардың жеделлесиўи еки тәреплеме қатнасықларды әмелий мазмун менен байытып атырғаны айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда еки мәмлекеттиң нәтийжели парламентлераралық сөйлесиўиниң ҳәзирги дәрежеси жоқары баҳаланды. Соның ишинде, усы жылы Қазан қаласында Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Россия Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси арасындағы бирге ислесиў бойынша комиссияның оныншы мәжилиси өткерилип, билимлендириў, санластырыў, мийнет мигрантларының ҳуқықларын қорғаў, туризм, авиақатнаўлар ҳәм жаслар сиясаты бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилгени атап өтилди.
Еки мәмлекет арасында мәдений-гуманитарлық байланыслар да барған сайын раўажланып бармақта. 2024-жылы Москвада өткерилген “Өзбекстан мәденияты күнлери,” Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстанда әмелге асырылған кең көлемли илажлар және туризм тараўындағы унамлы динамика буны айқын тастыйықлайтуғыны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди және де беккемлеўге келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги