Өзбекстанда АИВке өзин-өзи тексериў әмелияты енгизиледи (+видео)

Шама менен 2027-жылларға шекем Өзбекстанда халықты АИВке тексериў менен қамтып алыў көлеми және де арттырылып, АИВке экспресс тест ҳәм өзин-өзи тексериў усылы әмелиятқа кеңнен енгизиледи.
Соның менен бирге, АИВтиң анадан балаға жуғыўын сапластырыў, АИЖСке қарсы гүресиў хызметин 2026-жылдың ақырына шекем толық санластырыў нәзерде тутылған.
Бул ҳаққында 1-декабрь – Пүткил жер жүзилик АИЖСке қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген баспасөз әнжуманында мағлыўмат берилди.

Атап өтилиўинше, усы жылдың 1-декабрь жағдайына бола жәми 52 мыңнан аслам адам АИВ инфекциясы менен жасамақта. Өзбекстан Президентиниң, Ҳүкиметтиң тийисли қарарлары менен, БМШтың “95-95-95” стратегиясына муўапық белгиленген тапсырмалар тийкарында болса, 2030-жылға барып, АИВ эпидемиясына шек қойыў бойынша бир қатар нәтийжелерге ерисилген. Атап айтқанда, бүгин өз статусынан хабардар болған АИВ бенен жасайтуғынлар 89%, ретровирусқа қарсы терапия менен қамтып алыў 89%, қанындағы вирус жүклемеси анықланбайтуғын дәрежеге түскен наўқаслар 88% ти қурамақта.

Әнжуманда БМШ ҳәм ЖДСШның Өзбекстандағы ўәкилханалары, БМШтың АИВ/АИЖС бойынша бағдарламасы – UNAIDSтың Өзбекстандағы уйымы, Санэпид комитети, Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайының жуўапкер ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Атап өтилиўинше, бүгинги күнде АИЖСке қарсы гүресиў орайлары электрон мәлимлеме системасы менен электрон ҳүкимет уйымлараралық платформасы арқалы тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың электрон базалары, соның ишинде, тийисли мәмлекетлик хызметлердиң өз-ара мәлимлеме алмасыўы жолға қойылған. Нәтийжеде 18 жасқа шекемги АИВ инфекциялы балаларға напақа тайынлаў, ҳәмиледарлар, некелениўшилер ҳәм халықтың ҳәр қыйлы ўәкиллерин АИВке тексериў, наўқасларды медициналық бақлаў, сырт елге шығыў, донорлық, туўылыў ҳәм өлим мағлыўматларында анықлыққа ерисилип, ҳүжжетлер менен байланыслы әўерегершиликлерге шек қойылған. Ҳәзирги ўақытта тараўды санластырыў жедел алып барылмақта.
Усы жылы АИВ инфекциясын жуқтырып алған шахслардың 95 проценти өз статусын билиўи ушын 5 миллионнан аслам халық арасында АИВ инфекциясына скрининг тексериўлери өткерилип, мобиль медициналық бригадалар арқалы алыс ҳәм шетки аймақтағы халыққа тараў бойынша медициналық хызмет көрсетиў жолға қойылған.
Қалаберди, халықтың хабардарлығын арттырыў ҳәм профилактикалық илажлар да күтилген нәтийжени бермекте: үгит-нәсият жумыслары арқалы, ҳәзирги күнде АИВке тексериўлер санының артып барыўы менен бир қатарда кеселликтиң анықланыў проценти де (2023-ж. 0,08, 2024-ж. 0,07, 2025-ж. – 0,06) кемейип бармақта.
Қәнигелердиң пикиринше, АИВ инфекциясы менен кеселленген наўқастың қанында вирус жүгин анықланбайтуғын дәрежеге түсириў арқалы оның кеселликти жуқтырыўын шеклеўге, яғный бул кеселликти басқаларға жуқтырыў қәўпин кескин азайтыўға ерисиў мүмкин.

Және атап өтилиўинше, Мәмлекетлик бюджет ҳәм АИЖС, безгек ҳәм туберкулёзге қарсы гүресиў бойынша Глобаллық қор қаржылары есабынан дерлик 7 миллион АҚШ доллары муғдарында ретровирусқа қарсы дәри-дәрмақлар сатып алынған, 46 мыңнан аслам наўқас вирусқа қарсы терапия менен қамтып алынған.
Сондай-ақ, усы инфекция менен жасайтуғын аналардан туўылған балаларға АИВтиң вертикал жол менен жуғыўының алдын алыў мақсетинде, ҳәмиледар ҳаялларды инфекцияға тексериўлер 100 процент қамтып алынбақта.
АИВ инфекциялы аналардан туўылған 700 ден аслам бала болса алты айлығына шекем қурғақ сүт араласпалары менен тәмийинленбекте.
ӨзА