Шаңарақлық зорлықтың алдын алыў мәселелери додаланды

Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судының баслығы Б.Урумбаев, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм район ҳәкимлиги жуўапкерлериниң қатнасыўында аймақтағы ҳаял-қызлар менен ашық сәўбетлесиў өткерди.
Илажда атап өтилгениндей, ҳаял-қызларға қарсы исленген ҳәр қандай басым ҳәм зорлық – жәмийет қәўипсизлигине үлкен қәўип болып есапланады. Мәмлекетимизде бул бағдарда системалы илажлар көрилип, оларды ҳуқықый жақтан қорғаў, психологиялық жәрдем ҳәм профилактикалық илажлар күшейтилмекте.
Ушырасыўда әсиресе, санлы зорлық – онлайн қәўип-қәтер, жеке мағлыўматларды тарқатыў сыяқлы жағдайлардың көбейип баратырғанлығына айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, илажда шаңарақлық зорлықтың алдын алыў мәселеси додаланды. Атап айтқанда, район аймағында «Басым ҳәм зорлықсыз турмыс» принципи тийкарында профилактикалық илажлар жолға қойылып, қорғаў ордерин бериў әмелияты жеделлестирилген ҳәм қәўип топарындағы шаңарақлар менен турақлы жумыс алып барылмақта.
Усылар менен бир қатарда, аймақта мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша оқыўлар, мектеп ҳәм колледжлерде сәўбетлесиўлер өткерилип, жаслар арасында киберқәўиплер ҳаққында түсиндириў жумыслары күшейтилген. Жәбирлениўшилерге ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў механизми жетилистирилмекте.

Илаж жуўмағында, жәмийетте ҳаял-қызлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм санлы зорлыққа қарсы гүресиў ең әҳмийетли ўазыйпалардан екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги