13 шахс мүддетинен алдын шәртли азат етилди

57

Жынаят ислери бойынша Әмиўдәря районы судының баслығы Ж.Балтабаев тәрепинен «Янгиобод» мәкан пуқаралар жыйыны кеңсесинде көшпели ашық суд мәжилиси өткерилди.

Онда бурын судланған айырым шахслардың жынайый ислери көрип шығылды. Атап айтқанда, көшпели судта минез-қулқы унамлы тәрепке өзгерген ҳәм дүзелиў жолына өткен, жазаны өтеў тәртиби қағыйдаларына ҳадал мүнәсибетте болған 13 шахс жазасынан мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди.

Ал, жазаны өтеў тәртиби қағыйдасына әмел етпей бас тартып жүрген 1 шахстың жазасы жазаның басқа аўырлаў түрине алмастырылды.

Сондай-ақ, суд мәжилисинде судланған шахсларға жазаның өтелмеген бөлеги даўамында билқастан жаңа жынаят ислеген жағдайда Жынаят кодексиниң 60-статьясына муўапық жаза тайынланатуғыны ҳаққында толық түсиниклер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги