Сенат: пуқаралық жәмийети институтлары миллетлераралық татыўлық, кеңпейиллик ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлемекте

Жаңаланған Конституцияда “Пуқаралық жәмийети институтлары” деп аталған өз алдына бап бар. Оған бола, пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, ғалаба хабар қураллары пуқаралық жәмийетиниң тийкарын қурайды.
Пуқаралық жәмийети институтларының жумысы нызамға муўапық әмелге асырылады.
Бул конституциялық реформалар елимизде пуқаралық жәмийетлери институтларының раўажланыўына кеңнен жол ашты.
Олий Мажлис Сенатында “Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги” шеңберинде өткерилген ушырасыўда бул ҳаққында сөз болды.

Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Абдулҳәким Эшмуродов мәмлекетлик басқарыўға жәмийетшиликти кеңнен тартыў, пуқаралардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм мәмлекетлик емес сектор жумысы ушын қолайлы шараят жаратыў демократиялық қәдириятларды беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.
Пуқаралық жәмийети институтлары болса халықтың талапларын сәўлелендириўши ҳәм мәмлекет пенен жәмийет арасында көпир ўазыйпасын атқарыўшы әҳмийетли механизмге айланып бармақта.
“Өзбекстан – 2030” стратегиясында да мәмлекетлик басқарыўды халыққа хызмет етиўди тәмийинлеўге бағдарлаў, жәмийетлик басқарыўды жетилистириў тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгилеп қойылған.
Елимиз тарийхында биринши мәрте 2021-2025-жылларға мөлшерленген Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясының қабыл етилиўи де бул бағдардағы реформалардың избе-из даўам етип атырғанынан дерек берип тур.
Илажда Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша нызамшылықтағы өзгерислер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының миллетлераралық татыўлық, кеңпейиллик ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўдеги орны бойынша пикир алысылды.
Пуқаралық жәмийети институтларының миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти беккемлеўдеги орны айрықша атап өтилди. МКШ жумысын қоллап-қуўатлаў, жәмийетте пуқаралық белсендилигин арттырыў ҳәм жәмәәтлик бирге ислесиўди күшейтиўге байланыслы усыныслар билдирилди.
Н.Абдураимова, ӨзА