Финанслық технологиялар тараўындағы стартапларға 1 миллиард АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестициясы тартылады

60

Өзбекстан Республикасы Президенти “Өзбекстанда финанслық технологиялар тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, 2026-2030-жылларда финанслық технологиялар тараўын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:

а) финанслық технологиялар тараўындағы стартапларға 1 миллиард АҚШ доллары муғдарында сырт ел инвестицияларын тартыў;

б) финанслық технологиялар базары қатнасыўшыларының санын кеминде 200 ге жеткериў;

в) финанслық технологиялар тараўындағы инкубация ҳәм акселерация бағдарламаларынан өткен стартаплардың санын 100 ге жеткериў;

г) финанслық технологиялар бағдарында кеминде 5 мың жасты оқытыў;

д) төлем қуралы сыпатында цифрлы валюталарды ҳәм миллий ямаса сырт ел валютасы менен тәмийинленген токенлерди тәжирийбе-сынақтан өткериў.

Қарарға бола, Орайлық банк финанслық технологиялар тараўын раўажландырыўға жуўапкер.

Орайлық банк жанында төмендегилер шөлкемлестириледи:

а) жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде устав қоры 50 миллион АҚШ доллары эквивалентине тең болған стартап жойбарларды қаржыландыратуғын венчур фонды;

б) финанслық технологиялар тараўындағы стартаплар ушын төмендеги хызметлерди әмелге асыратуғын юридикалық шахс статусына ийе болмаған инновациялық хаб:

инкубация ҳәм акселерация бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм сыртқы базарларға шығыўға жәрдем көрсетиў;

жергиликли ҳәм сырт ел венчур инвестицияларын тартыўға көмеклесиў; грант бағдарламаларын әмелге асырыў.

2026-жыл 1-январьдан баслап инновациялық хаб қатнасыўшыларына төмендеги қәрежетлер қаплап бериледи:

финанслық технологиялар бағдарындағы курсларда оқыў ҳәм сертификат алыўға байланыслы қәрежетлердиң 50 процентине шекемги бөлеги, бирақ 20 мың АҚШ доллары эквивалентинен аспаған муғдарда;

инкубация ҳәм акселерация бағдарламаларын әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлериниң финанслық технологиялар тараўындағы стартап жойбарларына менторлар ҳәм тренерлерди тартыўға байланыслы қәрежетлердиң 50 процентке шекемги бөлеги, бирақ 50 мың АҚШ доллары эквивалентинен аспаған муғдарда;

б) инновациялық хаб қатнасыўшыларына тийисли норма ҳәм талаплар Орайлық банк тәрепинен белгиленеди;

в) 2026-жылдан баслап ҳәр жылы Орайлық банк тәрепинен Санлы технологиялар министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте финанслық технологиялар тараўында бар болған инновациялық шешимлерди ҳәм әмелге асырылған жумысларды кеңнен үгит-нәсиятлаў, сырт ел инвестицияларын тартыў және халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы финанслық технологиялар тараўында халықаралық форумлар шөлкемлестириледи.

2026-жыл 1-сентябрьге шекем банклер, төлем шөлкемлери ҳәм финанслық технологиялар базары қатнасыўшылары арасында қәўипсиз ҳәм стандартластырылған мағлыўмат алмасыўды тәмийинлейтуғын “ашық банкинг” системасы енгизиледи.

2026-жыл 1-январьдан баслап төлем қуралы сыпатында турақлы токенлер айланысын тәртипке салыўдың арнаўлы ҳуқықый режими енгизиледи. Бунда:

а) мағлыўматлардың бөлистирилген реестри технологиясы тийкарында жумыс алып баратуғын төлем системасын жаратыў бойынша пилот жойбарлар әмелге асырылады;

б) “тартибка солиш қумдони” режимин енгизиў тәртиби ҳәм оның әмел етиў мүддети Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги тәрепинен Орайлық банк пенен биргеликте белгиленеди.

2026-жыл 1-январьдан баслап:

а) Өзбекстан Республикасы резидентлери болған юридикалық шахслар тәрепинен токенлестирилген акция ҳәм облигацияларды эмиссиялаўға руқсат бериледи;

б) Өзбекстан Республикасы аймағында биржа жумысын әмелге асырыў ушын белгиленген тәртипте лицензия алған фонд биржаларында токенлестирилген акция ҳәм облигацияларды жайластырыў және олардың айланысы ушын өз алдына саўда майданшасы шөлкемлестириледи.

ӨзА