Еки исбилермен «Silk Road Tourism Awards 2025» таңлаўында жеңимпазлар қатарынан орын алды

54

«Silk Road Tourism Awards 2025» таңлаўында Қарақалпақстанлы исбилермен ҳаял жеңимпаз болды, деп хабар бермекте Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мәлимлеме хызмети.

«Жипек жолында туризм» 30-Ташкент халықаралық туризм ярмаркасында «Silk Road Tourism Awards 2025» таңлаўының жеңимпазларын түрли номинациялар бойынша сыйлықлаў мәресими болып ѳтти.

Таңлаўда Қарақалпақстан Республикасының туристлик потенциалы жоқары баҳаланды. Онда “Moynaq arzıwlar atawı” жәмийети «Туризм логистикасында белсенди транспорт шөлкеми» номинациясында сертификатқа ийе болды.

Бул шөлкемниң аймақта туризм инфраструктурасын раўажландырыў, туристлердиң ҳәрекети ҳәм логистикасында қолайлы шараят жаратыўдағы нәтийжели жумысының айқын көриниси болып есапланады.

Буннан тысқары, «NITSA NUKUS» ЖШЖның «Qaraqalpaq etno awılı» туризм орайы «2025-жылдың ең үлгили жасыл туризм объекти» номинациясында жеңимпаз болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги