“Физикалық шахслардың салықлары есабынан қәрежетлер” модули иске түсириледи

2026-жыл 1-январьдан “Ашық бюджет” порталында физикалық шахслар тәрепинен төленген салықлар есабынан әмелге асырылатуғын бюджет қәрежетлери мағлыўматларын өзинде сәўлелендириўши “Физикалық тәреплердиң салықлары есабынан қәрежетлер” модули иске түсириледи.
Бул “Салықлардың жыйналыў дәрежесин арттырыў ҳәм белсенди салық төлеўшилерди хошаметлеў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарарында нәзерде тутылған.
Бунда төмендегилер турақлы түрде жәрияланып барылады:
– физикалық шахс тәрепинен белгили бир дәўирде төленген дәрамат салығы, мүлк салығы ҳәм жер салығы ҳаққындағы мағлыўмат;
– төленген салықлар есабынан Мәмлекетлик бюджеттен әмелге асырылған қәрежетлер ҳаққындағы мағлыўматлар.
2026-жыл 1-январьдан Наманганда салық басқарыўының жаңа моделин енгизиў бойынша төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда эксперимент өткериледи:
– физикалық тәреплерден алынатуғын мүлк ҳәм (ямаса) жер салығы бойынша 1 млн сумнан асқан салық қарыздарлығын өндириўде электр энергиясының биллинг системасы механизминен пайдаланыўды енгизиў;
– салық уйымларының жумысын баҳалаўда инсан факторы тәсирисиз автоматикалық түрде қәлиплесетуғын ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлерин енгизиўди системалы даўам еттириў.
2026-жыл 1-январьдан физикалық шахслар тәрепинен көшпес мүлклерди ижараға бериўден алынған дәрамат бойынша төленген салық толық муғдарда мүлк жайласқан район (қала) жергиликли бюджетлерине қаратылады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги