“Ең жақсы салық төлеўши мәҳәлле” номинациясы енгизиледи

59

“Салықлардың жыйналыў дәрежесин арттырыў ҳәм белсенди салық төлеўшилерди хошаметлеў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2026-жыл 1-январьдан “Ең жақсы салық төлеўши мәҳәлле” номинациясы енгизиледи.

Жеңимпазлар төмендеги нормалар бойынша анықланады:

– ҳәр 1000 халыққа туўра келетуғын киши бизнес субъектлериниң саны;

– ҳәр 1000 халыққа туўра келетуғын киши бизнес субъектлери тәрепинен төленген салықлар муғдары;

– ҳәр 1000 халыққа туўра келетуғын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы төлеўшилердиң саны;

– ҳәр 1000 халыққа туўра келетуғын өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың саны ҳәм олар тәрепинен төленген салықлардың муғдары;

– мәҳәлле пуқаралары тәрепинен мүлк ҳәм жер салықларының төленгенлик дәрежеси.

“Ең жақсы салық төлеўши мәҳәлле” номинациясы жеңимпазлары ушын төмендеги хошаметлеў илажлары енгизиледи:

– басламалы бюджет шеңберинде избе-из 2 мәрте жеңимпаз деп табылған мәҳәллелер ушын гезектеги 2 мәўсим шеңберинде жойбар киргизиў имканиятын шеклеў қағыйдасы қолланылмайды;

– жойбарларды шериклик тийкарында қаржыландырыўда усы мәҳәллелердиң халқы тәрепинен жойбар баҳасының 25 проценти қаржыландырылған жағдайда, жойбар жеңимпаз деп табылады ҳәм қалған 75 проценти Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылады;

белгиленген өлшемлер тийкарында ҳәр жылы биринши 100 ликке кирген ең жақсы салық төлеўши мәҳәллелердиң ҳәр бирине Мәмлекетлик бюджеттен 2 млрд сум муғдарында қаржы тийислисинше Мәҳәллениң социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў қорына ажыратылады, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги