UzOman мәмлекетимизде жаңа банк ашады

Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов “UzOman” инвестициялық компаниясының бас атқарыўшы директоры Умар Баҳром менен гезектеги жаңа жойбардың шөлкемлестириўшилик тәрепин ҳәм процессти тәртипке салыў мәселесин додалады.
Оман Султанлығында дизимнен өткен бул кәрхана елимизде жаңа банк шөлкемлестириўди режелестирмекте.
Тәреплер Өзбекстан – Оман инвестициялық бирге ислесиўи избе-из раўажланып атырғаны, соңғы жылларда өз-ара байланыслар жедел өсиў пәтин көрсетип атырғанына итибар қаратты. Сөйлесиў даўамында “UzOman” қатнасыўында әмелге асырылып атырған басқа да жойбарлар бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, биргеликтеги илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, әмелий басламалардың көлемин кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Улыўмалық ҳәрекетлер тәреплер ушын жаңа жойбарларды алға қойыў, өз-ара инвестиция тартыў ушын қосымша имканият жарататуғыны атап өтилди. Финанслық бирге ислесиў перспективасына айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында ҳәр еки тәреп сөйлесиўди беккемлеўге, институционаллық байланысларды кеңейтиўге, шерикликтиң тийкарғы бағдарлары бойынша нәтийжели мәлимлеме алмасыўды даўам еттириўге таяр екенин билдирди.
ӨзА