Жәрдемге мүтәж шаңарақлар жылытыў мәўсими ушын 1 миллион сумнан материаллық жәрдем алмақта

60

Жылытыў мәўсиминде жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў жумыслары бойынша өткерилген брифингте Социаллық қорғаў миллий агентлиги Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлиминиң баслығы Дилфузабегим Рўзметова әмелге асырылған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Өзбекстанда жылытыў мәўсиминде халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Президенттиң 2025-жыл 2-апрельдеги 134-санлы қарарына муўапық, 2025/2026-жылғы жылытыў мәўсиминде ҳәр бир жәрдемге мүтәж шаңараққа 1 миллион сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем берилиўи белгилеп қойылған.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен 1 миллион 162 мыңнан аслам жәрдемге мүтәж шаңарақлардың дизими қәлиплестирилди. Онда төмендеги категориядағы шаңарақлар қамтып алынған. “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” ҳәм “Кәмбағал шаңарақлар реестри”ндеги 822 мың шаңарақ, реестрлерде болмаған, бирақ “мәҳәлле жетилиги” тәрепинен жәрдемге мүтәж деп табылған қосымша 290 мың шаңарақ дизимге киргизилген.

Қосымша дизимди дүзиўде үстинлик төмендеги шаңарақ категорияларына берилди:

бағыўшысын жоғалтқан 34 мың шаңарақ, майыплығы болған 76 мың шаңарақ, аўыр кесел ағзасы бар 24 мың шаңарақ, газ тәмийнаты жоқ көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын 2 мың шаңарақ ҳәм 26 мың көп ағзалы шаңарақ.

Сондай-ақ, тек ғана пенсияға жасайтуғын 69,7 мың шаңарақ, миграцияда болған бағыўшысы бар 35 мың шаңарақ, ўақтынша жумыссыз ағзасы бар 15,2 мың шаңарақ ҳәм 2,3 мың жалғыз шахс та материаллық жәрдемге киргизилди.

Буннан тысқары, кәмбағаллықтан шыққан, бирақ қайта мүтәж болып қалыў қәўпи жоқары болған 53 мың шаңарақ, сондай-ақ, шаңарақлық балалар үйин ашқан ямаса балаларды патронатқа алған 360 шаңарақ та жәрдем менен тәмийинленди.

Материаллық жәрдемниң тийкарғы мақсети ысытыў қәрежетлерин қаплаў. Мәселен, өткен мәўсимде кем тәмийинленген шаңарақ орташа 254 кВт электр ҳәм 514 куб метр газ пайдаланып, 4 ай даўамында 815 мың сумға шекем қәрежет еткен. Сол себепли, 1 миллион сум муғдарында жәрдем муғдары белгиленди.

Дизимди қәлиплестириўде шаңарақлардың мүлки ҳәм экономикалық имканиятлары мәлимлеме системалары арқалы автоматикалық түрде баҳаланды. Нәтийжеде, 99,3 мың экономикалық жақтан тәмийинленген шаңарақтың тийкарсыз түрде дизимге киргизилиўиниң алды алынды.

Бир мәртелик жәрдем ушын ажыратылған 1,2 триллион сум коммерциялық банклерге толық қаратылды. 30-октябрь күни банк картасына ийе болған пуқаралар қаржысын толық қабыллады. Пластик картасы жоқ шаңарақларға болса “көшпели кассалар” арқалы нақ пул төлеп берилмекте.

Соның менен бирге, жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын электр ҳәм тәбийғый газди базалық нормадан артық тутыныўы бойынша компенсация төлеў системасы жыл даўамында әмел етпекте.

Мүрәжатларды жедел шешиў мақсетинде Агентлик жанында 11-40 қысқа номерли call – орай ислеп тур.

Ш.Маматуропова, ӨзА