Беҳбудий – халқымызды еркин ҳәм азат көриў тилегинде жасаған уллы тулға

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Мәмлекетлик академиялық үлкен театрында Маҳмудхожа Беҳбудий туўылғанының 150 жыллығына бағышланған әдебий-көркем кеше болып өтти.
Салтанатлы илажда дәслеп “Маҳмудхожа Беҳбудий: ҳақы алынар, берилмес” атамасындағы ҳүжжетли фильм көрсетилди.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид жаңа Өзбекстан раўажланыўға бет бурған бүгинги жуўапкершиликли процесслерде Маҳмудхожа Беҳбудий мийрасын үйрениў мәселесине үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Бул бағдарда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жыл 27-декабрь күни қабыл етилген “Түркистан жадидлик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшысы, белгили жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, баспа хызметкери ҳәм педагог Маҳмудхўжа Беҳбудий туўылғанының 150 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында”ғы қарары ағартыўшы бабамыздың руўхый мийрасын үйрениўде жаңа басқышты баслап берди.
– Маҳмудхожа Беҳбудий – Түркстан халқын еркин ҳәм азат көриў тилегинде жасаған, усындай ийгиликли мақсет жолында жанын пидә еткен, мәртлик тымсалына айланған өлмес тулға, – деди Жазыўшылар аўқамының баслығы Сирожиддин Саййид. – Аўқам тәрепинен оның шығармаларын басып шығарыў бойынша системалы жумыслар алып барылды.
Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында жадидшилик ҳәрекетиниң жарқын ўәкили өмир жолы, жумысына бағышланған әдебий сәўбетлер, әнжуманлар өткерилди.
Көркем өнер көргизбелери шөлкемлестирилди. Театр көркем өнери бойынша драматурглердиң ең жақсы шығармаларын хошаметлеў мақсетинде Маҳмудхожа Беҳбудий атындағы сыйлық шөлкемлестирилди.
Булардың барлығы уллы ойшыл, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Беҳбудий мийрасын кеңирек үйрениў имканиятын береди.
Әдебий илажда ТҮРКСАЙ шөлкеминиң бас хаткери Султан Раев, бир қатар түркий мәмлекетлердиң әдебияттаныўшы илимпазларының Маҳмудхожа Беҳбудий дөретиўшилик мийрасына байланыслы пикирлери видеобайланыс арқалы қатнасыўшылар итибарына усынылды.
Соның менен бирге, әнжуманда әдебияттаныўшы илимпаз, филология илимлериниң докторы Нурбай Жабборов, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясының илимий ислер бойынша проректоры, профессор, сиясаттаныўшы илимпаз Эргаш Даминовтың Маҳмудхожа Беҳбудий дөретиўшилик мийрасы, жалынлы жумысы ҳаққындағы баянатлары тыңланды.
Жазыўшылар аўқамының жас дөретиўшилери тәрепинен Маҳмудхожа Беҳбудийдиң нәўқыран әўладқа ўәсиятлары оқылды. Ағартыўшы бабамыздың жумысына байланыслы спектакльден тәсиршең көринислер көрсетилди.
Миллий классикалық нама-қосықлар, театрластырылған көринислер кешеге өзгеше руўх бағышлады.
Жадидшилик ҳәрекети жетекшисиниң 150 жыллық туўылған күн сәнесине бағышланған әдебий илажлар мәмлекетимиз бойлап даўам етпекте.
Назокат УСМОНОВА, ӨзА