Қум гүреси бойынша чемпионат болып өтти

26

2629-ноябрь күнлери Сурхандәрья ўәлаятында ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Қум гүреси бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы ағзалары да қатнасып, жеңимпазлық ушын гүрес жүргизди.

Кескин өткен беллесиўлер соңында, 70 кг салмақта қатнасқан Азада Медетбаева барлық қарсыласларын жеңип шығып, Өзбекстан чемпионы атағына миясар болды.  87 кг салмақта гүреске түскен Лариса Төрежановаға болса, финалда бираз әўмет жетиспеди ҳәм гүмис медаль менен сыйлықланды.

48, 52 ҳәм +87 кг салмақта беллесиўлерге кирискен, Шахризада Романова, Гүлзабира Тилеўимбетова ҳәм Сабрина Узақбаеваларға болса, қола медалы несип етти.

Ал, ерлер арасында өткерилген беллесиўде қатнасқан  Жасур Шаймуратов 73 кг салмақта сыйлы үшинши орынды жеңип алыўға еристи.

Жеңимпаз палўанларымызды жарысқа тәжирийбели тренерлерден Шыңғыс Бийимбетов, Жамшид Турабаев, Қажымухан Қдырбаев ҳәм Нөкисбай Данияровлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы