«Өзбекнефтьгаз» Лондон фонд биржасында шығарған облигациясы ушын сыйлыққа ийе болды

63

Мәмлекетимиздиң энергетика тараўы соңғы жылларда стратегиялық раўажланыў ҳәм халықаралық инвестицияларды тартыўда әҳмийетли басқышқа қәдем қойды. Бул процессте “Өзбекнефтьгаз” АЖ акциялары ҳәм облигацияларының халықаралық финанс базарларында жайластырылыўы айрықша әҳмийетке ийе.

Усы жылдың ноябрь айында абырайлы халықаралық шөлкем “Global Banking & Markets” тәрепинен өткерилген жыллық конференцияда “GBM Awards: Central & Eastern Europe”, “Central Asia & Türkiye 2025” сыйлықларын тапсырыў мәресими болып өтти. Усы мәресим шеңберинде “Өзбекнефьтгаз” АЖның Лондон фонд биржасында 850 миллион долларлық облигацияларының шығарылыўы “Жыл келисими” арнаўлы сыйлығы менен сыйлықланды.

“Өзбекнефтьгаз” АЖ облигацияларының жайластырылыўы халықаралық финанс базарларындағы жоқары өзгериўшеңлик дәўиринде АҚШ, Уллы Британия, Европа Аўқамы ҳәм Жақын Шығыстың 100 ден аслам ири глобаллық инвесторлардың итибарын тартты ҳәм нефть-газ секторындағы усыныстың өзине тәнлиги менен ажыралып турды.

Қыйын базар шараятында әмелге асырылған бул табыслы жайластырыў компанияға инвесторлар тәрепинен билдирилип атырған исенимниң айқын дәлили болып есапланады. Конференцияда “Standard Chartered”, “J.P. Morgan”, “Citibank ҳәм Deutsche Bank AG” сыяқлы ири банклер ҳәм финанслық шөлкемлер “Өзбекнефтьгаз” АЖға ҳәм оның раўажланыў перспективаларына, мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған қоллап-қуўатлаў ҳәм трансформация процесслерине жоқары қызығыўшылық билдирип, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеў тилегин атап өтти.

Энергетика министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, бул табыс “Өзбекнефтьгаз” АЖның халықаралық көлемдеги абырайын және де беккемлеп ғана қоймастан, ал Өзбекстанның энергетика тараўын глобаллық финанс базарлары алдында исенимли ҳәм турақлы бирге ислесиўши сыпатында танытыўда әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланады.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА