Миллий гвардия Қорғаў бас басқармасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Қорғаў департаменти етип қайта шөлкемлестирилди

“Ишки ислер уйымларының қорғаў тараўындағы жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-360-санлы, 28.11.2025 ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” Telegram-каналы хабар берди.
Онда айтылыўынша, Миллий гвардия Қорғаў бас басқармасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Қорғаў департаменти етип қайта шөлкемлестирилген.
Қарарға бола, Департамент ҳәм оның бөлимлерине төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленеди, соның ишинде:
- шәртнама тийкарында мәмлекетлик, оғада әҳмийетли, категориялы ҳәм басқа да объектлер, билимлендириў мәкемелери, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлки, саўда, хызмет көрсетиў, кеўилашар ҳәм қурылыс объектлерин заманагөй усыллар арқалы қорғаў;
- қорғалатуғын объектлерде ишки тәртип ҳәм қадағалаў өткериў режимлерин тәмийинлеў;
- қорғаў жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация ҳәм жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-январьдан қорғаўға алынған банклер, ири өндирис кәрханалары, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм басқа да объектлердиң пуқаралар кириў ҳәм шығыў орынларына басқышпа-басқыш шахстың жүзин таныйтуғын имканиятқа ийе техникалық қураллар орнатылады,- деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги