Спорт – саламатлық гиреўи

29

«1-декабрь – Пүткил жер жүзилик АИЖСке қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке гүресиў орайында саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм жаслар арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде,  басланғыш кәсиплик аўқам комитетиниң шөлкемлестириўи менен медицина хызметкерлери арасында спорттың бир қатар түрлери бойынша жарыс болып өтти.

Өткерилген жарыслар жуўмағында, шашка бойынша Злийҳа Асанова ийелеген болса, тас көтериўде Муҳаммед Изекенов жеңимпаз атанды.

Дөңгелек шеңберди белинде айландырыў жарысында болса, Тумарис Алланиязова барлық қарсыласларынан көп упай топлап биринши орынға ылайық деп табылды.

Жарыс соңында, жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги