Спортшыларымыздың гезектеги жеңис -«Президент Олимпиадасы» нда және 3 медаль
21

Ташкент қаласында өткерилип атырған «Президент Олимпиадасы» спорт жарысларының шемби ҳәм екшемби күнлери өткерилген беллесиўлери республикамыз жаслары ушын табыслы келди.
Атап айтқанда, спорттың таэквондо WT түринен өткерилген беллесиўлерде жерлеслеримизден Раббония Русланова алтын медальды жеңип алған болса, Шахзада Базарбаева гүмис медаль ийесине айланды.
Ал, аўыр атлетика бойынша +102 кг салмақ категориясында жарысқа қатнасқан Оразбай Хаидов да гүмис медальды жеңип алыўға миясар болды.




Жарыс еле қызғын даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы