Қарақалпақ филологиясы: өтмиштен бүгинге ҳәм келешекке нәзер

52

Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Ҳәзирги қарақалпақ филологиясының әҳмийетли мәселелери» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференция Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 90 жыллығы мүнәсибети менен өткерилди.

Конференцияның пленар мәжилисине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ўәкиллери, Россия, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстансондай-ақ, елимиздеги жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайларының илимпазлары, жазыўшы-шайырлар, профессор-оқытыўшылар, студентлер, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Мурат Атамуратов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты 90 жыл толыўы менен қутлықлады ҳәм усы конференцияда белсендилик көрсеткен бир қатар профессор-оқытыўшыларға Ҳүрмет жарлықлар ҳәм естелик саўғалар тапсырды.

Буннан соң Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының бөлим баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусырман, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының  баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы Кеңесбай Каримов илаж қатнасыўшыларын белгиленип атырған қутлы сәне менен қутлықлап, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика қәнигелиниң бүгинги күни республикамыз билимлендириўи, илими, әдебияты ҳәм журналистикасындағы тутқан орнына жоқары баҳа берди.

Буннан соң ҚМУдың қарақалпақ әдебияты кафедрасы профессоры Қуўанышбай Оразымбетов «Қарақалпақ филологиясы ҳәм жоқары билимлендириў системасы», Қырғыз Республикасы Президенти жанындағы Ш.Айтматов атындағы тил ҳәм әдебияты институты директоры, академик Абдылдажан Акматалиев «Қарақалпақ – Қырғыз әдебий байланыслары илимпазлар изертлеўлеринде» деген темаларда баянатлар жасап, ҳәзирги қарақалпақ филологиясының әҳмийетли мәселелери, қарақалпақ-қырғыз әдебиий байланысларының әҳмийети, ҳәзирги дәўирде билимлендириў тараўына кадрлар таярлап бериўдиң баслы бағдарлары ҳаққында кең түрде айтып берди.

Конференцияда қарақалпақ филологиясының тарийхый раўажланыўы, заманагөй тил билими ҳәм әдебияттаныўдағы әҳмийетли мәселелер, миллий әдебий мийрасты үйрениў, инновациялық қатнаслар тийкарында филолог қәнигелерди таярлаў процесиндеги жаңалықлар сыяқлы темаларда илимпазлардың илимий баянатлар тыңланып, қарақалпақ тили ҳәм әдебиятының раўажланыўы бойынша алдағы ўазыйпалар додаланды.

Конференцияның тийкарғы бөлиминен соң илаж қатнасыўшыларына қарақалпақ халқының бай мәденияты, классикалық ҳәм заманагөй көркем өнери, елимиз дөретиўшилериниң сахналық шығыўларын өзинде жәмлеген концерт бағдарламасы қойып берилди. Көркем өнер бағдарламасында қарақалпақ әдебияты үлгилеринен әдебий оқыўлар, нама-қосықлар, фольклор жәмәәтлериниң шығыўлары тамашагөйлерге байрам кейпиятын бағышлады.

Өткерилген илимий-әмелий конференция қарақалпақ филологиясы қәнигелигиниң 90 жыллық тарийхы сыпатында белгиленип қалмастан, ал филология тараўының раўажланыўына жаңа түртки берип, илим, билимлендириў ҳәм мәдениятлар қарым-қатнасының айқын үлгисине айланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги