МОБ: Директор орынбасары жумысқа қайта тикленди

59

Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судының 2025-жыл 22-октябрьдеги қарарына бола, тийкарсыз түрде жумыстан босатылған К.А. Елликқала районы 17-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги бурынғы жумыс орнына қайта тиклеў белгиленген еди.

Соған қарамастан, жуўапкер шөлкем тәрепинен бул суд қарарларының орынланыўы тәмийинленбегенлиги себепли даўагер оның орынланыўын тәмийинлеп бериўди сорап, мүрәжат етиўге мәжбүр болған. Бюроның Елликқала районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен дәрҳал орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди, жуўапкер шөлкем басшысына суд қарарының орынланыўын тәмийинлемесе нызамда белгиленген жуўапкершиликке тийкар болыўы ҳаққында ескертиў берилген.

Нәтийжеде тийкарсыз түрде босатылған К.А. шөлкем директорының буйрығына бола, шөлкемниң директоры орынбасары лаўазымына қайта тикленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги