Енди дүнья халқының қараслары басқаша

1.
Адамзаттың ақылын лал ететуғын өзгерислер жүз берип атыр бүгин ана Ўатанымыз Өзбекстанда. Жүз бергенде де соншелли тез, соншелли көп ҳәм бир-биринен соншелли гөззал, бүркиттей ушып, самалдай жуўырсаң да жетпейсең, жете алмайсан. Албырап қаласаң қайсысынан сөз баслаўды билмей – биле алмай.
Алыс өткен ўақытларды қоя турың, олар жүдә алыс. Бирақ, буннан бары-жоғы он-он бес жыл бурынғы көринисти бир көз алдыңызға келтириң-дә? Жыл он еки ай ишинде неше сырт ел басшысы Өзбекстанға келетуғын еди? Дүнья халқын лал ететуғын бир-биринен абырайлы мәжилислер, мәсләҳәтлер болар ма еди? Памир ҳәм Гисар таўлары сыяқлы ийинлес турар ма еди әййемги Туран ҳәм Түркстан баҳадырлары? Алтын шынжыр шеӊберлериндей бир-бирине байланысқан ба еди олар? Бир муш, бир денеге айналды ма?
Эҳ!.. дейсиз. Айтасыз да, изинен бир дәрья өкиниш, бир әлем мақтаныш, бир дүнья мақтаныш жүрегиңизге пәт пенен ағып киреди. ЮНЕСКОдай белгили шөлкемниң дерлик елиў жыллық тарийхында биринши мәрте Париж резиденциясынан шығып, туўры Самарқандқа келиўи, келгенде де бир ўақытлары испан елшиси Клавихони таң қалдырған уллы шәҳәрде жүз емес, бес мыңға шамалас жети ықлымның белгили илимпазлары менен уламаларының қатнасыўында дүньялық тәшўишлердиң додаланыўы; уллы салтанаттың изи суўымай-ақ Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказдың алты мәмлекет Президентлериниң жоқары минберде бир таўдай турыўы… Алты дослық аўқамына қарап турып, көзлери қуўаныш жасларына толып атырған қуўанышлы көзлер ҳәм… ашыўдан бозарып-бозарып баратырған жүзлер…
Усындай қутлы ўақыялар қатарында жер жүзинде бирден-бир Ислам цивилизациясы орайы сыяқлы бийбаҳа комплекстиң қурып питкерилиўи; алдында Қумайдың тымсалы жарқырап турған жаңа Ташкент аэропортының иске қосылғаны; Самарқандта Имам Бухарий мавзолейи; Ферғанада, Термизде, Наманганда, Нөкисте, қулласы, елимиздиң барлық қала ҳәм аўылларында қурылып атырған жаңадан-жаңа кәрханалар, бағлар, қыябанлар…
Өтип баратырған жылдың өзинде 40 тан аслам абырайлы халықаралық әнжуманлардың шөлкемлестирилгени ҳәм күни кеше Самарқанд вокзалынан жолға шыққан тез жүретуғын поездың Зарафшан дәрьясы жағалап, Жамбай ҳәм Булуӊғыр районлары арасынан самалдай есип, Үргитке кирип барыўы… Инсан әўлады буннан он жыл бурын исенбес еди, усы гәпти биреўге айтсаң – Үргитке поезд келеди, десең. Үргиттиң тарийх китабына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын мисли көрилмеген тарийхый ўақыя еди бул!
2.
2025-жыл 25-ноябрь. Алтын гүздиң жаңа бир күни.
Жаслар, ҳаял-қызлар, ўәлаят нураныйлары, Ташкент қаласынан келген мийманлар отырған поездға Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев кирип келди.
– Самарқанд – Үргит жолын қурыўды баслағанымызға еле бир жыл да болмады, – деди Президент вагондағылар менен бирме-бир қол берип сәлемлесер екен. – Мине, бүгин жумыслар жуўмағына жетти. Бундай жетискенликлер терең ойланған сиясатымыз, барып атырған жолымыздың дурыслығын көрсетеди. Бүгин кешегидей жасаўға ҳаққымыз жоқ. Ҳәр күни тынымсыз изленбесек, мийнет етпесек басқалардан артта қаламыз. Үргитке поезд бенен бирге мәденият, ағартыўшылық, экономика кирип келеди. Мәмлекетимиздиң басқа да орынларында да жаңа поезд жолларын қурамыз. Қырғызстан – Қытай – Өзбекстан халықаралық темир жолын қурыў ўазыйпасы алдымызда тур. Усы реже әмелге асса, Әзербайжан арқалы Европаға, Қытай базарларына тиккелей шығыў имканиятына ийе боламыз.
Әсте орнынан қозғалған поезд қаладан шыққаннан кейин тезлигин асырды.
– Бүгин мен Үргитке қуры қол менен емес, үлкен қаржы ҳәм үлкен режелер менен баратырман, – деп даўам етти мәмлекетимиз басшысы. – Үргитте еле иске қосылмаған имканиятлар жүдә көп. Үргит нешше мың жыллық тарийхқа ийе мәнзил…
Ҳақыйқатында да, Үргит – тамырлары мың әсирлер арқаға тутасып кеткен ески қорған. Шақлы Искендер басқыншылығынан баслап советлердиң талан-таражына шекем барлық азап-ақыретлерди басынан кеширген мәкан. Фарфордай таза ҳаўасы, шөгип жатқан шоққылары аспанға тигилген таўлары, таўлар қушағындағы жәннет тәризли бағлары менен әзелден адамлардың ҳәўесин келтиретуғын мәрт үлке.
Усы жерде, Әмир Темир ҳәзиретлери ат ойнатып лалазар қырларында сейил еткен, бағлар жаратқан, Бабур Мырза булақлары бойында майсаларға жамбаслап гөззал ғәззеллер жазған Үргитти X әсирде жасаған араб тарийхшысы ибн Ховқал қаншелли меҳир менен тәрийплегенин бир еситип көриң-дә: “Самарқандтың қубласында Шаўдар таўлары жайласқан.
Самарқанд әтирапында бул болыстай адам саламатлығы ушын таза ҳаўалы мәкан, зүрәәтли егисликлер, ең жақсы мийўезарлар жоқ. Адамларының бойы келискен, жарқын жүзли. Таўлары гөззал. Атызлары мудамы исленип турылады”.
Әсирлер даўамында нәзерлерди тартқан мәкан соңғы жылларда пүткиллей қайтадан дүньяға келди. Аўа, анадан қайта туўылғандай болды. Мениң емес, алты жүз мыңнан аслам Үргит халқының жүрек сөзи, кеўил бағларында өскен мақтанышы бул. Үргиттиӊ екинши өмири өтип баратырған қысқа жылларда басланды. Усы жылларда жигиттей күшке толды, өсти, улғайды, абат болды.
Он емес, жүзлеген ири, жүдә ири кәрханалар қурылды. Үргитте ислеп шығарылған өнимлер болса усы он жыллықта дүньяға шықты, дүнья адамларының итибарына түсти. Он жыл бурын вино таярлайтуғын, темекини ферментациялайтуғын завод ҳәм музқаймақ пенен гүлалшылық цехларынан басқа болмаған мәнзил мәмлекетимиздиң санааты ең раўажланған районларының қатарынан орын иеледи.
Бүгин кимдур сизге “Үргитте адамның жанынан басқа ҳәмме нәрсе ислеп шығарылып атыр” десе ҳеш ҳайран болмаң. Тез арада “Үргитте жасалма адамлар жаратылып, олар Қызыл планетаны абат етип атыр екен,” деген гәплер де қулағыңызға шалынып қалыўы мүмкин…
3.
Мүмкин! “Сонда да, Үргитимиздиң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтай ойшыл архитекторы бар екен, – дейди үргитлилер мақтанышқа толып. – Биз ушын болмайтуғын ис, басып алынбайтуғын шың қалмайды!” Себеби, “Болмайды. Болыўы мүмкин емес!,” дегени түўе, әпсаналарда ушыраспайтуғын классикалық өзгерислер де болды-ғо, ақыры, Үргитте. Бүгин де болып атыр, және де жеделлик пенен даўам етеди буннан кейин де.
Орны келгенде түсиндириў керек, ургутлилердиң: “Үргитимиздиң архитекторы Өзбекстан Президенти” деген тән алыўы әпиўайы сөз емес, оның негизинде бир дүнья ҳақыйқат бар. Ўәлаят ҳәкими ўазыйпасында ислеп атырған ўақытларында райондағы машқалаларды терең үйренген Шавкат Мирзиёев еле Президентликке талабан болып атырған күнлерде-ақ Үргит тәшўишлери менен жасады. Сол ўақытта қуўраған жуўсанларды самаллар топтай домалатып жүрген қыр ҳәм таслақлы жерлерде “Үргит” еркин экономикалық зонасы шөлкемлестирилди. Сегиз жылда 860 миллион долларлық 74 жойбар иске қосылды. Жүзлеген жумыссызлар жумыслы болды. Жумыс излеп сырт елге кеткен жүзлеген еркек-ҳаяллар шаңарағының қушағына қайтып келди. Қатар-қатар көп қабатлы жайлар қурылысы нәтийжесинде неше жүзлеген шаңарақлар турақ жайлы болды.
Түсиниўиңиз буннан да анығырақ болыўы ушын бир мысал келтиремен. Районда “Ferre Group” атлы кәрхана бар. Дәслеп шет елден келтирилген комплектлеўши буйымлар тийкарында бир неше түрдеги турмыслық техника қуралларын жыйнаў менен өз жумысын баслаған кәрхана бүгинги күнге келип музлатқыш, газ плита, киши печь, шаң жутқыш, моры ҳәм басқа да үй-руўзыгершилик буйымлары, темир есиклер ислеп шығарыў бойынша Орайлық Азиядағы ири компаниялардан бирине айланды. Кәрхана өнимлери дүньяның бир неше мәмлекетлеринде “Өзбекстанда ислеп шығарылған” белгиси менен қарыйдарлардың итибарын тартпақта. Бул жерде жылына 440 миллиард сумлық 250 мың дана өним таярланып атырғаны оның потенциалы қаншелли жоқары екенин және бир мәрте тастыйықлайды.
Жаңа поезд Үргит бәндиргисине жетип келгеннен соң Президентимиз тиккелей мине усы кәрханаға барды. Бул жерде әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
– Исбилерменди қоллап-қуўатламастан жаңа Өзбекстанды қурып болмайды, – деди Президентимиз усы кәрхананың жумыслары менен танысып атырғанда. – Егер сизлер тынымсыз изленип, бирлессек, Самарқандта кәмбағал деген қатлам қалмайды. Сиз, Өзбекстан атын дүньяға танытыўдай мақтанышлы имканиятқа ийесиз.
Және бир гәп, Президенттиң басламасы менен дүньяға келген ҳәм Өзбекстанның атын дүньяға танытып атырған бундай кәрханалар районда аз емес.
Мәмлекет басшысының нийети болса Үргитти және де көркем ҳәм абат етиў. Соның ушын ҳәр бир сапарда онлаған басламалар қанат жаяды.
Бул рет районның Төменги Камангаран мәҳәллесиндеги “Жаңа Өзбекстан” массивине тутас 90 гектар майданда заманагөй урбанизация тийкарында 100 мың халыққа мөлшерленген екошаҳар қурыў ҳаққындағы хош хабар жәрияланды. Усы хабар еситилип атырғанда, Үргит поезды Самарқандтан жөнелген ўақытта Президентимиздиң мына сөзлери есиме түсти:
– Үргитке қандай анық режелер, үлкен саўғалар менен баратырғанымды билесиз бе? – деген еди Президентимиз ҳәм: – Еле барғанымда айтаман, еситерсиз, – деп сырлы күлип қойған еди.
Шын жүректен күлимсиреў “сырлары” ўақыялар барысында айқын көринди.
– Жаңа қалада жол, суў, канализация, электр, мектеп, бақша, емлеўхана ҳәм басқа да инфраструктура обектлери қурылады, исбилерменлик жойбарлары әмелге асырылады, – деп даўам етти Президентимиз. – Бул жумысларды әмелге асырыў ушын 50 миллион доллар ажыратылады.
Жаңа қаланың 3 гектар майданында районның 35 шөлкеми ушын бирден-бир ҳәкимшилик орай қурылады.
55 километрлик Үргит – Самарқанд темир жолының иске қосылыўы бул жумысларды әмелге асырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди. Темир жол бойларында онлаған мәдений-турмыслық, саўда объектлери бой тиклейди. Жаңа турақ жайлар қурылады. Неше жүзлеген жумыс орынлары жаратылады.
Сапар даўамындағы ушырасыўларда, халық депутатлары Самарқанд ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясында Президент тәрепинен Үргиттиң келешегине байланыслы және онлаған ири жойбарлар тилге алынды. Ўәлаяттың экономикасы ҳәм турмысына байланыслы режелер дүзилди, “Жол карталары”н әмелге асырыў ўазыйпалары белгиленди.
4.
Бундай шадлықларға дус келгенде ишине сыймай кетеди қуўанышларың. Даўысың барынша бақырғың келеди таўлардың бәлент шыңларына шығып. Еки қатар жазып-уйқасыўға ебетейи барлар болса билмейди қалайынша қосықлар тоқып жибергенин:
Дослар, бүгин дүньяның кәрўанлары өзгеше,
Кәрўанлардың ақ-қара сәрдарлары өзгеше.
Биреўлериниң даўалары, титирер аспанды,
Базылар тән алмас, ҳәтте қәдир Қудайды.
Жер ҳәм көкте тозаңлар тозғыған сол заманда,
Дүнья халқы жүзленди Өзбекстан таманға.
Бес ағайинли бир муш, арқан болып есилди,
Бес ағайинли қатарына әзер Шери қосылды.
Алты кәрўан бир тән, бир көз ҳәм қас болды,
Бул саўлатлы кәрўанға Өзбекстан бас болды.
Енди дүнья халқының көзқараслары өзгеше,
Мәжбүр болды тән алып жети жастан жүзгеше.
Өзбек десе, бир ўақлары, бас шайқаған тәреплер,
Бүгин өзбек Алпына жаўдырмақта ҳүрметлер.
Бүгин өзбек, Өзбекжурт айланбақта бүркитке,
Қаран, поезд келди-я, алыс қорған Үргитке.
Исенбесди ҳеш қашан айтқаныӊа ҳеш кимсе,
Кирген емес ондай бахыт адамзаттың түсине.
Бүгин ашық бүлбүлдей нама келди Үргитке,
Булақтай пәк, азада ҳаўа келди Үргитке.
Мың-мың жыллық ертеклер ҳақыйқатқа айланды,
Өзбегимниң көзлери жулдызларға байланды.
Байланды, алтын қанат әрманлар жулдызларға,
Ақшамлары айланды жақтылы күндизлерге.
Көкти сүйген сарайлар бир-биринен саўлатлы,
Космодром салсақ та ҳеш ким ҳайран қалмайды.
Бүгин қуяштай жарқырар ҳәмме қара көз,
Қара көзлер түбинде сыңғырлайды бир сөз:
-Досларым, тумлы-тусқа дәстан етип кәрўанды,
Шәменлерге бөлейик, Жаңа Өзбекстанды!
Абдусаид Кўчимов,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы,
Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы