“Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери” жойбарына старт берилди

Президент Шавкат Мирзиёев Халықаралық конгресс орайында жасалма интеллект бойынша халықаралық форумның салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.
Илаж алдынан мәмлекетимиз басшысы елимиз жаслары тәрепинен жаратылған жасалма интеллект жойбарлары ҳәм стартаплардың презентациясы менен танысты.

Қәбилетли жаслар менен сөйлесиўде мәмлекетимиз басшысы мәлимлеме технологиялары тараўының стратегиялық әҳмийети, оның мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы ҳәм бәсекиге шыдамлылығында шешиўши орын ийелеп атырғанын айрықша атап өтти. Усынылған ҳәр қыйлы тараўларға байланыслы инновациялық қолланбалар Өзбекстанда қәлиплесип атырған заманагөй санлы экосистема ҳәм әмелге асырылып атырған реформалардың реал нәтийжеси екени атап өтилди.
Соның менен бирге, Президент стартап ҳәм технологиялық басламаларды қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлерин енгизиў, қолланбаларды миллий көлемде әмелиятқа енгизиў ҳәм оларды халықаралық базарға алып шығыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Бул бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берди.

Мәмлекетимиз басшысы форумның ашылыўында шығып сөйлеп, оның барлық қатнасыўшыларын қызғын қутлықлады.
XXI әсирде мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў ҳәр бир мәмлекет раўажланыўының тийкарғы өлшеми сыпатында көзге тасланбақта.

Жасалма интеллект енди тек ғана айырым тараўлар ушын емес, ал экономиканың барлық тармақлары, мәмлекетлик басқарыў ҳәм күнделикли турмыс тәризимизге терең кирип атырған фундаментал факторға, турмыслық зәрүрликке айланбақта.
– Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўиринде үлкен атаққа ерискен уллы илимпазлар Муҳаммед ал-Хорезмий, Әбиў Райхан Беруний, Мырза Улығбек алгоритм, математика, логика илимлериниң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып, ҳәзирги жасалма интеллекттиң раўажланыўы ушын тийкар салыўда қатнасқан, десек, асыра айтқан болмаймыз, – деди Президентимиз.

Мине, усы бийбаҳа мийрастың даўамшылары сыпатында ең алдыңғы, заманагөй технологияларға ашық болыўымыз, оны раўажланыўымыздың күшли таянышына айландырыўымыз зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Жасалма интеллект трансформациясын әмелге асырыў ушын биринши қәдем сыпатында дүньядағы жетекши мәмлекетлердиң ең алдынғы тәжирийбеси тийкарында Миллий стратегия қабыл етилип, турмысқа жедел енгизиле басланды.
Буның нәтийжесинде мәмлекеттиң жалпы ишки өниминде санлы экономиканың үлеси еки есеге артты. Жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар бағдарында дерлик 2 миллиард доллар тиккелей инвестициялар тартылды.
Мәмлекетимизде МТ хызметлериниң экспорт көлеми өткен жылларға салыстырғанда 4,5 есеге өсип, 1 миллиард долларға шамаласқаны да бул тараўдағы реформалардың нәтийжелилигин анық тастыйықлайды.

Сондай-ақ, күни кеше биринши мәрте инглис ҳуқықына тийкарланған арнаўлы режимде жумыс алып баратуғын Санлы технологиялар халықаралық орайы шөлкемлестирилди.
МТ тараўында билим берип атырған жоқары билимлендириў мәкемелери дерлик 3 есеге артып, 145 ке, студентлер саны болса 80 мыңға жетти.
Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте 2019-жылы басланған баслама – “Бир миллион программист” жойбары шеңберинде еки миллионнан аслам жасларымыз билим ҳәм көнликпелерин арттырды. “Эл-юрт умиди” қоры арқалы бул бағдарда 100 ге шамалас жасларымыз дүньяның ең абырайлы университетлеринде билим алмақта.
– Биз исенемиз: олар ертең елимизге қайтып келип, жасалма интеллекттиң ең соңғы жетискенликлерин билимлендириўге, экономикаға, мәмлекетлик басқарыўға енгизиўде жетекши күшке айланады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Буннан тысқары, жасалма интеллектти билимлендириў системасына енгизиў, муғаллимлерди қайта таярлаў, мектеп ҳәм университетлерде тараў бойынша саўатлылықты арттырыў бағдарламалары әмелге асырылмақта.

Жасалма интеллект технологиялары тармақлардың нәтийжелилиги, әсиресе, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыўға жаңа күш ҳәм мазмун бағышламақта.
Атап айтқанда, санлы диагностика системаларының енгизилиўи нәтийжесинде 50 мыңнан аслам наўқасқа жасалма интеллект жәрдеминде анық диагноз қойылды. Бул шыпакерлердиң жумыс жүклемесин сезилерли дәрежеде азайтып, медициналық хызмет көрсетиў ўақтын 5-7 есеге қысқартты.
Және бир мысал. Қарақалпақстанда өткерилген улыўма миллий “Саламатлық марафоны” шеңберинде 45-65 жас аралығындағы ҳаяллар арасында 4 мыңға шамалас маммографиялық тексериў әмелге асырылды.
Дәслепки тексериў көринислериниң 70 проценти елимиз қәнигелери тәрепинен жаратылған жасалма интеллект платформасы арқалы талланып, олардың 98 проценти шыпакерлер тәрепинен тастыйықланды. Диагноз қойыў ўақты бир неше күннен еки саатқа шекем қысқарды.

МТ тараўындағы инновациялық экосистема да сезилерли дәрежеде өсти. Стартаплардың саны соңғы жыллары 10 есеге артып, улыўма есапта 300 миллион доллар инвестиция тартылды.
Мәмлекетимиз басшысы форумда қатнасып атырған халықаралық шөлкемлер ҳәм дүньяның жетекши компанияларын елимизде жасалма интеллект тараўын раўажландырыў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўге шақырды.
Сырт елли экспертлер кейинги бес жылда жасалма интеллект технологиялары Өзбекстан экономикасына кеминде 10 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жарататуғынын прогноз етпекте.
Бундай жоқары көрсеткишлерге ерисиў ушын барлық зәрүр тийкарлар ҳәм имканиятлар бар.
2030-жылға шекем тек ғана МТ хызметлериниң экспортын 5 миллиард долларға жеткериў, тараўда жетисип шығатуғын миллионлаған жаслар ушын жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў бойынша үлкен шеклер алынғаны атап өтилди.
Елимизде жасалма интеллект экосистемасын барлық тараўларда енгизиў мақсетинде келеси жылы АҚШтың “Нвидиа” компаниясы менен үлкен супер компьютер кластери иске қосылады.

– Тийкарғы мақсетимиз – Өзбекстанды тек ғана заманагөй технологиялардың тутыныўшысы емес, ал оларды жарататуғын, экспорт ететуғын ҳәм глобаллық көлемде бәсекилесе алатуғын мәмлекетке айландырыў болып табылады. Миллий өнимлеримизди халықаралық базарға бағдарлаў бағдарында АҚШтың Кремний алабында Миллий трансфер офисин ашып, жасларымыз ҳәм стартап тийкарын салыўшыларды ири компаниялар, инвестор ҳәм акселераторлар менен тиккелей байланыстырыў имканиятын жаратамыз, – деди Президент.
Енди жасларымыз мектептен тысқарыда да жасалма интеллект пенен ислесиў көнликпелерине үйретиледи. Буның ушын елимиздиң барлық аймақларындағы “Келешек орайлары”нда ЖИ мектеп бағдарламасы енгизиледи.
Мәмлекетимизде мектеплер арасында ҳәр жылы жасалма интеллект бағдарында ең жақсы стартап идеялары бойынша таңлаў өткериў системасы жолға қойылады.
Республикадағы 14 аймақтың ҳәр биринде жеңимпаз болған мектепте ең заманагөй жасалма интеллект лабораториясы шөлкемлестириледи ҳәм идеяларды коммерцияластырыў бойынша алдынғы компаниялар менен бирге ислесиў орнатылады.
Тараўдағы перспективалы жасларды анықлаў ҳәм оларды қосымша хошаметлеў мақсетинде “Жасалма интеллект бойынша Президент таңлаўы” шөлкемлестириледи.
Шетки районлардан баслап, республика дәрежесине шекем ҳәр жылы 100 ең қәбилетли жаслар таңлап алынады. Олар АҚШ, Бирлескен Араб Әмирликлери, Европаның алдынғы технологиялық компанияларына стажировкаға жибериледи. Кейинги басқышта жоқары оқыў орынлары ушын да бул әмелият енгизиледи.
Жоқарыда айтылған мақсетлер ушын 100 миллион доллар ажыратылды ҳәм бул қаржы үлкен режелердиң орынланыўын тәмийинлеўге бағдарланады.
– Бүгин биз Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте “Бир миллион программист” жойбарының үзликсиз даўамы сыпатында “5 миллион жасалма интеллект жетекшилери” жойбарына старт беремиз. Бул әпиўайы бағдарлама емес, ал жасларымыз ушын жаңа имканиятлар дүньясы, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Жойбар шеңберинде 2030-жылға шекем 4 миллион 750 мың мектеп оқыўшылары ҳәм студентлер, 150 мың муғаллим ҳәм 100 мың мәмлекетлик хызметкерлерди оқытыў нәзерде тутылған.
Онда жасалма интеллект мектеп, кәсиплик билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў системаларына да интеграцияланады.
– Исенемен, “Жасалма интеллекттиң 5 миллион жетекшиси” бағдарламасы келешекте экономиканың драйверине айланып, мәмлекетимиздиң жедел раўажланыўы ушын пәт бағышлайды, – деди Президентимиз.
Қатарлары барған сайын кеңейип атырған қәбилетли ҳәм жигерли жаслар Жаңа Өзбекстанның алтын әўлады, ҳақыйқый мақтанышы болып есапланады. Күни кеше жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе жасларымыздың жарқын ўәкили болған Жавоҳир Синдоров Ҳиндстанда шахмат бойынша Жәҳән кубогинде жеңиске ерисип, өзбек жасларының нелерге уқыплы екенлигин пүткил дүняға және бир мәрте көрсетти.
Күни кеше мәмлекетимиз басшысының пәрманына бола Жавоҳир Синдоров “Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы” ҳүрметли атағы менен сыйлықланған еди.
Форумда Президентимиз Жавоҳир Синдоровқа бул жоқары атақты салтанатлы түрде тапсырды.

Мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллектти кеңнен үгит-нәсиятлаў, елимизге алдынғы қәниге ҳәм экспертлерди тартыў, қәбилетли жасларды тараўға және де қызықтырыў, оларды хошаметлеў мақсетинде елимизде ҳәр жылы ноябрь айын “Жаслар ушын жасалма интеллект айлығы” деп жәриялаў, оның шеңберинде “Жипек жолы жасалма интеллект форумы”н өткерип барыўды усыныс етти.
Мәресим жуўмағында Өзбекстанда “5 миллион жасалма интеллект жетекшилери” жойбарына старт берилди.
ӨзА