Мәмлекетлик басқарыўды санлы трансформациялаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында

24

Өзбекстан Республикасы Президентиниң бийлиги

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў басқышларын оптималластырыў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге артықша миннетлемелер жүклениўиниң алдын алыў, мәмлекетлик шөлкемлер, халық ҳәм бизнес арасында санлы қарым-қатнасты толық жолға қойыў ҳәм бул бағдардағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде қарар етемен:

  1. 2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик басқарыўды санлы трансформациялаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған “Бюрократияны сапластырыў – 2030” бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) иске қосылсын ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

(а) мәмлекетлик хызметлерден тез ҳәм қолайлы пайдаланыў арқалы пуқаралардың турмыс сапасын жақсылаў;

(б) исбилерменликти хошаметлеў, мәмлекеттиң сырт ел инвестициялары ушын тартымлылығын арттырыў;

(в) санлы басқарыў ҳәм мәмлекетлик басқарыў тараўларында мәмлекетимиздиң унамлы имиджин қәлиплестириў;

(г) артықша тәртип-қағыйдаларды сапластырыў ҳәм процесслердиң ашық-айдынлығын арттырыў арқалы қәўип-қәтерди азайтыў.

  1. Бағдарламаның әмелге асырылыўын муўапықластырыў мақсетинде Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) жанында Жойбарлаў офиси (кейинги орынларда – Жойбарлаў офиси) шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

(а) Бағдарламаны табыслы әмелге асырыў мәселелери бойынша сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойыў;

(б) Бағдарлама шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлар бойынша “жол картасы”н ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық режелестириў ҳәм раўажланыў бойынша муўапықластырыўшы кеңеске киргизиў;

(в) ҳәр жылдың жуўмағында министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери (кейинги орынларда – мәмлекетлик шөлкемлер) тәрепинен мәмлекетлик басқарыўда бюрократияны сапластырыў бойынша әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилигин баҳалаў, жәриялаў және мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм интакерлерди хошаметлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизиў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, бюрократияны сапластырыў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм көрип шығыў, бул бағдарда әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилигин баҳалаў Агентликтиң операторы ҳәм мүлк иеси есапланатуғын “Zero Bureaucracy” санлы платформасы арқалы әмелге асырылады.
  2. Бағдарлама шеңберинде белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў және анық нәтийжелерге ерисиў ушын мәмлекетлик шөлкемлердиң биринши басшылары жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.
  3. Агентлик бир ай мүддетте:

(а) Жойбарлаў офисиниң жумысы жолға қойылыўы ушын зәрүр шөлкемлестириў илажларын әмелге асырсын;

(б) “Бюрократияны сапластырыў” миллий сыйлығы таңлаўын өткериў регламентиниң жойбарын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин. Онда усы таңлаўды ҳәр жылы өткерип барыў нәзерде тутылсын;

(в) Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте

“Zero Bureaucracy” санлы платформасы иске қосылыўын ҳәм турақлы жаңаланып барылыўын тәмийинлесин.

  1. Бийликтиӊ орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи С.У. Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев