Өзбекстан делегациясының Канададағы нәтийжели ушырасыўлары

2025-жыл 25-27-ноябрь күнлери Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы Өзбекстан делегациясының Канадаға рәсмий сапары әмелге асырылды.
Сапар етиў даўамында Өзбекстан делегациясының нәтийжели ушырасыўлары болып өтти. Соның ишинде, делегация Канада Сенатының Спикери Раймонд Гане менен ушырасып, еки мәмлекет парламентлери арасында турақлы сөйлесиўди жолға қойыў, бирге ислесиўди системалы түрде кеңейтиў ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыў мәселелерин додалады.
Сондай-ақ, сенаторлар С.Атауллахжан ҳәм М.Равалиа менен болып өткен ушырасыўда парламент дипломатиясы, инсан ҳуқықлары, гендер теңлик, миграция ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша тәжирийбе алмасыў перспективалары көрип шығылды.
Буннан тысқары, делегация Канада парламенти Жәмәәтлер палатасының Спикери Ф.Скарпаледжа менен де ушырасып, Өзбекстан ҳәм Канада арасында парламентлердиң төменги палаталары дәрежесинде системалы байланысларды жолға қойыў, нызамшылық тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги экспертлер сөйлесиўин шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды.
Канада парламентинде шөлкемлестирилген “Өзбекстан күни” илажы қатнасыўшылардың үлкен қызығыўшылығы менен өтти. Өзбекстан делегациясы тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар, инвестициялық орталықтағы өзгерислер, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў сиясаты, жасыл энергетика ҳәм инновациялар бағдарындағы жаңа басламалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Канада парламенти ағзалары Өзбекстанның кейинги жылларда ерискен жетискенликлерин жоқары баҳалап, еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге таяр екенин билдирди.
27-ноябрь күни делегация Торонто қаласында жумыс алып барып атырған бир қатар шөлкемлерде ушырасыўлар өткерди. Онтарио университетлери кеңесиниң президенти С.Орсини менен болып өткен сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан ҳәм Канада жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў, оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўын кеңейтиў, илимий-изертлеў жойбарларын қоллап-қуўатлаў мәселелери көрип шығылды.

“Vector Institute” басшылары менен ушырасыўда жасалма интеллект, мағлыўматлар аналитикасы, киберқәўипсизлик, IT-билимлендириў ҳәм инновациялық изертлеўлер бойынша бирге ислесиў, өзбекстанлы жасларды заманагөй технологиялар тараўына тартыў бойынша анық усыныслар ислеп шығылды.
Буннан тысқары, делегация Канадада жасап атырған ўатанласлар, жаслар ҳәм студентлер менен ушырасып, олардың пикир-усынысларын тыңлады, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, халықаралық бирге ислесиў сиясаты, ўатанласлар менен ислесиў процеси ҳаққында толық мағлыўмат берди ҳәм олар тәрепинен билдирилген усынысларды додалады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги