Өзбекстан Президенти БАӘ менен инновациялық бирге ислесиўди және де раўажландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти

101

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-ноябрь күни Бирлескен Араб Әмирликлери Ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад бин Абдуллоҳ ал-Гаргавий басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыў алдынан министр мәмлекетимиз басшысына БАӘ Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян ҳәм мәмлекет Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактумның қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан – БАӘ дослығы ҳәм стратегиялық шериклигин және де беккемлеў, сондай-ақ, усы жылдың январь айында БАӘға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Кейинги жыллары БАӘ ҳүкимети менен 40 тан аслам бағдарларда 300 ден аслам басламалар, соның ишинде, “Ҳүкимет акселераторы,” “Бир миллион программист” ҳәм “Жас жетекшилер” сыяқлы әҳмийетли бағдарламалар әмелге асырылғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиў бойынша қабыл етилип атырған жаңа бес жыллық бағдарламаны кең көлемде әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Бюрократияны азайтыў, жасалма интеллект тараўында 5 миллион промпт-инженерди оқытыўда БАӘниң алдынғы тәжирийбесин енгизиў ҳәм “Жас әўлад” ҳәм “Китап челленжи” жойбарларын жолға қойыў бойынша бирге ислесиў режелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги илажларға пуқта таярлық көриўге келисип алынды.

ӨзА