Википедия ямаса ChatGPT: қайсы бири абзал?

57

Соңғы жылларда дүнья мәлимлеме майданына сүңгип кеткен бир ўақытта, адамлар енди билимди китаптан емес, ал демде ашылатуғын санлы дереклерден излемекте. Усы процессте еки жойбар, соның ишинде, фактлерди тәртипке салып, жәмлейтуғын Википедия ҳәм оларды түсиндирип беретуғын жасалма интеллект ChatGPT инсанияттың ең көп сүйенетуғын жолдасларына айланды. Бул еки дерек бир-бирине уқсас сыяқлы көринсе де, бирақ келип шығыўы, ислеў усылы, мақсети ҳәм келешектеги орны бойынша кескин өзгешеленеди.

Усы жерде дәслеп Википедия ҳәм де ChatGPT тарийхына нәзер тасласақ:

– Интернет мағлыўматларына қарағанда, XXI әсир басларында пүткил дүнья жүзилик интернет тармағын мағлыўматлар жыйнағы сыпатында енди ғана ашып атырған пайытта, 2001-жыл 15-январь күни ерте таңнан исбилермен Жеймс Уелс ҳәм философ Ларри Сангер тәрепинен Википедияға тийкар салынған, – деди СММ қәнигеси Нурмуҳаммад Файзуллаев. – Дәслеп ол Нупедиа атлы көбирек экспертлер тәрепинен редакторланатуғын энциклопедияға жәрдемши жойбар сыпатында қаралған.

Бирақ ҳәр ким Википедияға мақала қосыўы ямаса редакторлаўы мүмкинлиги оны айрықша тезлик пенен ғалаба ен жайдырды. Дәслепки серверлери АҚШтың Флорида штатындағы киши офисте жайласқан Википедияда дәслепки айларынан-ақ мыңлаған бетлер жаратылды. 2002-жылы программист Магнус Манске тәрепинен ислеп шығылған МедиаWики платформасы жойбар раўажланыўында түпкиликли бурылыс жасады. Буның нәтийжесинде ондағы редакторлаўлар тезлести, мағлыўматларды тәртипке салыў аңсатласты, текстлерге силтеме қойыў системасы кеңейди.

Арадан он жыл өтип, 2011-жылға келип Википедия 270 тен артық тилде хызмет көрсететуғын, 20 миллионнан артық мақалаға ийе улыўма инсаныйлық билимлер базасына айланды. Бүгин де ол дүньядағы ең үлкен ашық энциклопедия сыпатында өз статусын сақлап келмекте.

Бизге белгили, өзбекше Википедия да Жаслар ислери агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “WikiMarafon” жойбары себепли бүгинги күнде 314 мыңнан аслам мақалаға ийе. Ондағы редакциялар саны болса 5,7 миллионнан артқан. Ҳәзирги ўақытта өзбек тилиндеги Википедиядағы пайдаланыўшылардың саны 880 ден артып, бетлердиң саны 1,1 миллионға жеткен.

Ҳәзирги ўақытта ондағы сөзлердиң саны 63 миллионнан артқан. Бул арқалы жәҳән рейтингиндеги орнын және де беккемлеп, 62-орыннан 39-орынға көтерилди. Ҳәзирги ўақытқа келип өзбекше Википедия Орайлық Азия мәмлекетлери Википедиясы арасында 1-орынды, түркий тиллер арасында болса 3-орынды ийелемекте.

Арадан белгили ўақыт өтип, 2022-жыл ноябрь айында ChatGPTхалыққа ашылды. Ол тәбийғый тиллерди түсиниў ҳәм инсан менен сөйлесе алыў қәбилети менен пүткил интернетти өзине тартты. Бүгинги күнге келип жаңаланған ChatGPT-5.1 миллионлаған оқыўшылар, программистлер, студентлер, шыпакерлер, журналистлер ҳәм исбилерменлер ушын интеллектуаллық жәрдемши ўазыйпасын атқармақта.

Хош, еки жойбардың өзине тән тәреплери неде?

– Жақын келешекте Википедиядағы вандализмди жасалма интеллект жәрдеминде анықлаў ямаса мақала сапасын автомат баҳалаў мүмкин болады. Тап усындай тәризде ChatGPT де жуўапларын Википедия сыяқлы ашық билим базаларына байланыстырыў арқалы пайдаланыўшыға және де анығырақ мағлыўмат усыныс етиўи мүмкин, – дейди “WikiMarafon” жойбарының басшысы Шоҳжаҳон Собиров. – Бул еки үлкен деректи бир-бирине салыстырыў олардың тийкарғы мәнисин толық аңлаўға имканият бермейди. Википедия – фактлар қойымы, дереклер тийкарында жаратылған ашық энциклопедия болып, оның ҳәр бир бети тексериледи, дүзетиўлер түсиндириледи, мағлыўматлар дереклер менен байытылади.

Википедиядан бас мақсет фактлерди топлаў, тарийхты ҳүжжетлестириў ҳәм олар бойынша имканыяты барынша қалыс сүўретлеў. Оның және бир абзаллығы академиялық тән алыныўы болып, көплеген университетлер Википедияны басланғыш мағлыўмат дереги сыпатында қабыл етеди.

ChatGPT болса керисинше, фактлерди жыйнаў емес, оларды қайта ислеў, талқылаў, түсиндириўди мақсет етеди. Оның күши халықшыл тил менен сөйлесиў қәбилетинде. Егер Википедия “мынаў факт” десе, ChatGPT “бул факттиң мәниси мынаў” дейди.

Бирақ, еки системаның да өзине тән шеклеўлери бар. Википедия кеўиллилер проекти болғаны себепли гейде надурыс редакторлаўлар киргизилиўи, айырым тиллерде мақала сапасы төмен болыўы ямаса белгили темалар тегис емес сәўлелендирилиўи мүмкин.

ChatGPT болса жасалма интеллект модели сыпатында гейде жоқ фактти “тоқып қойыўы”, яғный пайдаланыўшыларды алдаў итималы бар. Солай болсада, олар бүгинги күнде адамзаттың ең актив пайдаланылатуғын еки билим дереги сыпатында қәлиплесип бармақта. Статистикалық мағлыўматларға бола, Википедияға ҳәр айда орташа 3,7 миллиард мәрте пайдаланыў әмелге асырылса, ChatGPTда болса бир күнде 2,5 миллиард сораў жибериледи.

Келешек қайсы жойбардың қолында?

Қәнигелердиң пикиринше, Википедия ҳәм ChatGPT бәсекилес емес, ал бир-бирин толықтыратуғын системалар болып есапланады. Википедия фактлерди жыйнаўды даўам етеди. Себеби бул оның тәбияты. ChatGPT болса әне усы фактлер үстинде пикир жүргизеди, оларды адамларға түсиникли, логикалық ҳәм аңсат тәризде баян етеди.

Буннан жуўмақ шығарыў мүмкин, инсанияттың келешеги бир жойбардың екиншисин артта қалдырыўында емес, ал екеўиниң үнлеслигинде болады. Бири өзинде тарийхты сақлайды, екиншиси болса оны толық түсиндиреди. Бири фактлерди топлайды, екиншиси оларды санамызға жақынластырады.

Гулноза Бобоева,

ӨзА