Өзбекстан Президенти жаңа тайынланған елшилердиң исеним жарлықларын қабыл етти

39

27-ноябрь күни мәмлекетимизге жаңадан тайынланған сырт ел елшилери тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилер – Греция Республикасынан Параскеви Цевелеки, Индонезия Республикасынан Сити Руҳайни Жухаятин, Латвия Республикасынан Гиртс Яунземс, Франция Республикасынан Валид Фук, Россия Федерациясынан Алексей Ерхов, Япониядан Кэндзи Хирата ҳәм Тәжикстан Республикасынан Насриддин Исматулладан исеним жарлықларын қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстанда өз миссиясын баслап атырған дипломатиялық ўәкилханалардың басшыларын қызғын қутлықлады.

Ҳәзирги турақсыз дәўирде, пүткил дүньяда қыйын геосиясий ҳәм экономикалық машқалалар кескинлесип атырған бир ўақытта дипломатлардың жумысы барған сайын үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

– Сизлер бир неше айдан берли елимизде болып, бүгинги күнде мәмлекетимиз қандай жедел өзгерислер руўхы менен жасап атырғанына ҳәм дүнья дипломатия орайларынан бирине айланып баратырғанына жеке гүўа болмақтасыз, – деди Президентимиз.

Атап айтқанда, усы жылы Ташкент халықаралық инвестициялық форумы ҳәм Сырт ел инвесторлары кеңесиниң мәжилиси, Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы, “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” биринши саммити ҳәм Халықаралық климат форумы, ЮНЕСКО Бас конференциясының тарийхый сессиясы және Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының саммити табыслы өткерилди.

Кейинги жыллары Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди.

Быйыл мәмлекетимиз Глобаллық турақлы раўажланыў мақсетлери индексинде 19 текшеге көтерилди ҳәм соңғы 10 жыл ишинде ең жоқары нәтийжелерге ерискен бес мәмлекет қатарына кирди. Кейинги сегиз жылда экономикамыз еки еседен зыятқа артты. Кәмбағаллық дәрежеси 35 проценттен 6,6 процентке шекем төменледи.

Ашық-айдынлық сиясаты нәтийжесинде дерлик 100 мәмлекет ушын визасыз режим енгизилди. Экспорт географиясы турақлы түрде кеңейип бармақта. Быйыл сыртқы саўда айланысы тарийхта биринши мәрте 66 миллиард доллардан асты. Тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 39 миллиард долларға жетти.

Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын белсене қоллап-қуўатлағаны ушын елшилер ўәкиллик етип атырған мәмлекетлердиң ҳүкиметлерине айрықша миннетдаршылық билдирди.

Президентимиз Греция Республикасы елшисине мүрәжат етип, бул мәмлекет Өзбекстанның Европа Аўқамындағы дәстүрий ҳәм перспективалы шериклеринен бири екенин атап өтти.

Усы жылы еки тәреплеме сиясий мәсләҳәтлесиўлер табыслы өткерилди. Апрель айында Ташкентте Греция елшиханасы өз жумысын баслады.

Жыл басынан берли өз-ара саўда көлеми 5 есеге артты. Фармацевтика, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, энергетика, мәлимлеме технологиялары ҳәм транспорт тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Жақын арада Ташкентте өткерилиўи режелестирилген Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм Өзбекстан – Греция бизнес форумының нәтийжели болыўын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Индонезия Республикасы менен қатнасықлар ҳаққында сөз етип, Президентимиз халықларымызды әзелден тарийхый, диний ҳәм мәдений байланыслар байланыстырып турғанын атап өтти.

Еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми жыл басынан 60 процентке артқаны атап өтилди. Химия санааты, аўыл хожалығы, телекоммуникация ҳәм туризм тараўларында қоспа кәрханалар табыслы жумыс алып бармақта. Декабрь айында тиккелей авиарейслер жолға қойылады.

Келеси жылы Ташкентте Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм бизнес форумы және Жакартада сиясий мәсләҳәтлесиўлер өткерилиўи салмақлы нәтийже беретуғынына исеним билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы Латвия Республикасы менен қатнасықларды додалаў ўақтында сиясий ҳәм экономикалық байланыслар избе-из раўажланып атырғаны, исбилермен топарлар арасындағы байланыслар жеделлескенин атап өтти.

Соңғы 5 жыл ишинде Өзбекстанның Латвияға экспорты ҳәм қоспа кәрханалардың саны үш есеге артты. Мәмлекетимизде Латвия Инвестициялар ҳәм раўажланыў агентлигиниң ўәкилханасы жумыс алып бармақта.

Жақында Ригада Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм Ректорлар форумы табыслы өткерилди.

Миграция тараўында келисимге қол қойылыўы, авиақатнаўлардың көбейиўи ҳәм экономикалық бирге ислесиў механизмлеринен нәтийжели пайдаланыў еки мәмлекет халықларының және де жақынласыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Президентимиз Франция Республикасы ҳаққында сөз етип, жедел сиясий сөйлесиў себепли мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин атап өтти. Өткен айда Стратегиялық режелестириў топарының биринши мәжилиси болып өтти.

Усы жылдың март айында Парижге әмелге асырылған жоқары дәрежедеги тарийхый сапар даўамында 10 миллиард долларлық биргеликтеги жойбарлар бойынша келисип алынды. Жыл басынан өз-ара саўда көлеми 1,2 миллиард доллардан артты.

Франция раўажланыў агентлиги менен 2030-жылға шекем бирге ислесиў бағдарламасы тастыйықланды. Өзбекстан – Франция биргеликтеги университети ашылды.

Быйыл Парижде болып өткен Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм туризм потенциалы көргизбеси халықларымыз арасындағы қатнасықларды және де беккемлеўге хызмет етти.

Келеси жылы Өзбекстан – Франция инвестиция кеңесиниң биринши мәжилиси ҳәм Аймақлараралық форумды өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Россия Федерациясы – Өзбекстанның узақ жыллық стратегиялық шериги ҳәм аўқамласы.

Өткен жылы өз-ара саўда көлеми 12 миллиард долларға шамаласты. Елимизде Россия инвестициясының қатнасыўында 3 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Жыл басынан берли 4 миллиард долларлық инвестициялар өзлестирилди. Россияның 15 жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары нәтийжели жумыс алып бармақта.

Быйыл Парламентлераралық комиссияның мәжилиси, “ИННОПРОМ” халықаралық санаат көргизбеси, Аймақлар басшылары кеңеси, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, Ректорлар форумы, Россия мәденияты күнлери ҳәм басқа да илажлар өткерилди.

Келеси жылы Өзбекстан – Франция инвестиция кеңесиниң биринши мәжилиси ҳәм Аймақлараралық форумды өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Россия Федерациясы – Өзбекстанның узақ жыллық стратегиялық шериги ҳәм аўқамласы.

Өткен жылы өз-ара саўда көлеми 12 миллиард долларға шамаласты. Елимизде Россия инвестициясының қатнасыўында 3 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Жыл басынан берли 4 миллиард долларлық инвестициялар өзлестирилди. Россияның 15 жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары нәтийжели жумыс алып бармақта.

Быйыл Парламентлераралық комиссияның мәжилиси, “ИННОПРОМ” халықаралық санаат көргизбеси, Аймақлар басшылары кеңеси, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, Ректорлар форумы, Россия мәденияты күнлери ҳәм басқа да илажлар өткерилди.

Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилисин нәтийжели өткериў, аймақлараралық сөйлесиўди жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Япония менен стратегиялық шерикликти кеңейтиў – сыртқы сиясатымыздың тийкарғы бағдарларынан бири.

Өзбекстанда Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA), Япония сыртқы саўда шөлкеми (JETRO) ҳәм Нагоя университетиниң ўәкилханалары нәтийжели жумыс алып бармақта.

Телекоммуникация, энергетика, денсаўлықты сақлаў, инфраструктураны раўажландырыў, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында 8 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Стратегиялық сөйлесиўдиң биринши мәжилиси август айында, өткен айда болса Самарқандта Ректорлар форумы болып өтти. Осака қаласында ” Expo – 2025″ көргизбеси шеңберинде Өзбекстан Миллий күни табыслы шөлкемлестирилди.

Келеси айда Токиода болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм исбилермен топарлардың сөйлесиўлери еки тәреплеме бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлайтуғынына исеним билдирилди.

Улыўма сиясий ерк-ықрар себепли кейинги жылларда Өзбекстан – Тәжикстан қатнасықлары стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилди.

Шегара мәселелери толық тәртипке салынды ҳәм транспорт байланыслары тикленди. Парламентлер, ҳүкиметлер, аймақлар ҳәм исбилермен топарлар арасындағы бирге ислесиў күшейди.

Өз-ара саўда 5 еседен артып, 1 миллиард долларға шамаласты. “Ойбек-Фотехобод” еркин шегараалды саўда зонасы ҳәм “Андархан” саўда-логистика орайының шөлкемлестирилиўи товар алмасыўды есесине арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Санаат, транспорт, геология, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы, туризм, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын потенциал бар екенлиги атап өтилди.

Мәресим жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жаңадан тайынланған елшилерге мақтанышлы жумысында үлкен табыслар тиледи, бирге ислесиўди беккемлеў ушын барлық имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўға шақырды, аймақлар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери менен белсене бирге ислесиўди усыныс етти.

Өз гезегинде, сырт елли дипломатлар шын жүректен қабыллағаны ҳәм жаратылған шараятлар ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан менен көп қырлы бирге ислесиўди жедел раўажландырыў ушын профессионал тәжирийбесин ҳәм билимлерин толық жумсаўға таяр екенлигин атап өтти.

ӨзА