Жергиликли кеңеслердиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша Бозатаў тәжирийбеси

64

Бозатаў районында «Жергиликли Кеңеслердиң жумысын үлгили шөлкемлестириў» атамасында республикалық көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси депутатлары, сиясий партиялардың басшылары, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери секретариатларының баслықлары, қәнигелер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Семинар даўамында қатнасыўшылардың «Халық депутатлары жергиликли Кеңесиниң турақлы комиссияларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў» темасында баянатлары тыңланды.

Соңынан илаж шеңберинде қатнасыўшылар жергиликли Кеңестиң жумысы, депутатлардың халық пенен өз-ара бирге ислесиў механизмлери менен жақыннан танысып, тәжирийбе алмасты.

Буннан соң, семинар қатнасыўшылары районлық Кеңес секретариатында болып, бул жерде ҳүжжетлерди жүргизиў, қадағалаў процесслери ҳәм жумыс ислеў тәртиби бойынша тәжирийбе алмасты.

Сондай-ақ, турақлы комиссия баслықлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги, әҳмийети ҳәм тәжирийбелери бойынша сәўбетлести.

Илаж даўамында мийманлар Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынына қараслы «Ақеден» елатында ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен жаңадан бой тиклеген Бозатаў санаториясының турмысы менен жақыннан танысты.

Илаж қатнасыўшылары бул жерде халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң түрлери ҳәм сапасы, жаңа жумыс орынлары шөлкемлестирилгени ҳәм келешектеги ис-режелери туўралы мағлыўматларға ийе болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы