Шахсқа тийисли мағлыўматларға байланыслы нызамды бузғаны ушын қандай жуўапкершилик бар?

53

Шахсқа байланыслы мағлыўматларды руқсатсыз жәриялаў, тарқатыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлар тез-тез ушырасып турады. Бундай жағдайлар ушын қандай жуўапкершилик илажлары бар?

Бул сораўға Әдиллик министрлигиниң “Адолат” миллий ҳуқықый мәлимлеме орайы бөлим баслығы Севара Ўринбоева жуўап берди:

– Шахсқа байланыслы мағлыўматлардың руқсатсыз тарқатылыўына көп жағдайларда пуқаралар арасындағы келиспеўшилик себеп болмақта. Усы жол менен бир-бирине зыян жеткериў ямаса алдаўшылық етиўге урынып атырғанлар ушырасып турады.

Бирақ, бундай жағдайлар ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик бар. Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 46-2-статьясына муўапық, шахсқа тийисли мағлыўматларды нызамға қайшы түрде жыйнаў, системаластырыў, сақлаў, өзгертиў, толықтырыў, олардан пайдаланыў, оларды бериў, тарқатыў, жеткерип бериў, ийесизлендириў ҳәм жоқ етиў – пуқараларға базалық есаплаў муғдарының жети есеси, лаўазымлы шахсларға болса, елиў есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Буған мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында шахсқа байланыслы мағлыўматларды жыйнаў, системаластырыў ҳәм сақлаўға байланыслы талапларға әмел етпеў жағдайлары да киреди.

Жынаят кодексиниң 141-2-статьясы “Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққындағы нызамшылықты бузыў” деп аталған. Оған бола, шахсқа байланыслы мағлыўматларды нызамға қайшы түрде жыйнаў, системаластырыў, сақлаў, өзгертиў, толықтырыў, олардан пайдаланыў, оларды бериў, тарқатыў, узатыў, ийесизлендириў ҳәм жоқ етиў, мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда, Интернет арқалы, сондай ҳәрекетлерди ислеў – базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем белгили бир ҳуқықтан айырыў ямаса еки жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

Егер сол ҳәрекетлер бир топар шахслар тәрепинен алдын ала тил бириктирип, тәкирарланып ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен, ғәрезли ямаса басқа да пәс нийетлерде, хызмет дәрежесинен пайдаланған ҳалда исленген болса ҳәм аўыр ақыбетлерге алып келсе, айыпланыўшыға базалық есаплаў муғдарының бир жүз елиў есесинен еки жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинен шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланады.

Шахс денеси сәўлеленген фото, видео көринисин өз ишине алған мәлимлемени оның разылығысыз тарқатыў ямаса оны тарқатыў менен қорқытыў да жуўапкершиликке себеп болады. Бундай қылмысты ислеген шахслар базалық есаплаў муғдарының төрт жүз есесинен алты жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары менен жазаланыўы мүмкин.

Егер усы ҳәрекетлер тәкирарланып ямаса қәўипли рецидивист ямаса бир топар шахслар тәрепинен алдын ала тил бириктирип, қалаберди, он сегиз жасқа толмағанлығы айыпкерге белгили болған шахсқа қарата исленген болса, айыпкер үш жүз алпыс сааттан төрт жүз сексен саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар жазасына тартылады ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинен шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырылады.

Турмыста сондай жағдайлар да болыўы мүмкин, жәбирлениўши суд тәрепинен тайынланған жазаға қосымша түрде өзине жеткерилген руўхый зыянды өндириўи де нызам менен кепилленген. Буның ушын судқа мүрәжат етиў керек болады.

Улыўма алғанда, шахсқа байланыслы мағлыўматлар мәселесинде оғада абайлылық пенен ҳәрекет етиў талап етиледи. Керисинше, бир киши қәтелик үлкен тәшўишлерди келтирип шығарыўы мүмкин.

 

ӨзА