Санлы дәўир балалығы

21

Пикир

Бүгин заманагөй технологиялар менен бир қатарда өсип атырған балаларымыз биз балалықта ойнаған жасырынбақ, ақ терек пе – көк терек, шүллик, теппек, бес тас, көз байлама, зуў-зуў сыяқлы миллий ойынларымыз ҳаққында дерлик түсиниги де жоқ, ҳәттеки еситпеген де. Гейде балалық тәсирлеримиз ҳаққында, сол ўақыттағы күнделикли турмыс тәризимиз, ойынларымыз, жумысларымыз ҳаққында айтып берсем, перзентлерим биресе таңланыў ҳәм ҳәўес пенен тыңлайды, биресе “сизлердиң заманыңыз басқа, бизики басқа да” деп қояды.

Ҳақыйқатында да, олардың таңланыўында да, ҳәр бир заманның орталығы ҳаққындағы көзқарасларында да шынлық бар. Себеби, ҳәўес ҳәм таңланыўларының артында бүгин олар көплеген әпиўайы, бирақ қызықлы миллий ойынларымызды билмейтуғынлығы ҳәм ойнамайтуғынлығы мәселеси жатырған болса, “ҳәзирги заман басқаша” деген себеплерине болса заманагөй технологиялар, виртуал дүньяның раўажланыўы, мәлимлеме технологиялары менен биргеликте өсип атырғаны себеп болмақта.

Расында да, бүгин балаларымыздың ойыншықлары да, ермеклери де виртуал әлем. Олар бул әлем менен биргеликте өспекте, оқып-үйренип, пикирлемекте. Соған жараса дүньяқарасы, пикирлери де глобал, өзине тән, ақылый потенциалы жоқары. Дослары да усы майданда – онлайн. Олар санлы дәўирдиң балалары, виртуал дүнья тәсиринде жетилисип атырған мийўелер.

Перзентлеримиз заманагөй мәлимлеме технологиялары менен тең қәдем таслап, заманагөй балалар болып өсип атырғаны жақсы. Бирақ теңгениң екинши тәрепи де бар, бул процесс миллетимиз балаларының руўхый дүньясына, дүньяқарасына, миллий менталитетимизге, мүнәсип тәризде тәрбия алыўына қандай тәсир етеди? Бийғам балалық сезимин бираз шетлеп өтип ержетиўи, Интернет ҳәм социаллық тармақлардағы пайдалы-пайдасыз коньтентке берилип кетиўи олардың минез-қулқы ҳәм характериниң қәлиплесиўине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

Мағлыўматларға бола, Өзбекстанда Интернеттен пайдаланыўшы халықтың үлеси жылдан-жылға көбейип бармақта. Соның ишинде, бүгинги күнде Интернет тармағынан пайдаланыўшы халық 94 проценттен асламды қурамақта. Ҳақыйқатында да, бүгин елимиздиң ең шетки аймағында да халықтың үйлеринде Wi-Fi системасы орнатылған. Бул болса мыңлаған шаңарақларда тәрбияланып атырған миллионлаған балаларымыз виртуал дүнья менен бирге өсип атырғанынан дерек береди.

Мине, усындай жағдайда үлкенлер, ата-аналар перзентлерин миллий тәрбия факторларынан да пайдаланып барыўға итибар қаратыўы керек болады. Атап айтқанда, балаларды әдеп-икрамлылық, батырлық, мәртлик, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға хызмет ететуғын миллий ойынларымызға тартыў, өзбек әдебиятындағы мазмунлы тақмақ ҳәм қосықларды ядлатыў, китапқа қызықтырыў санлы заманда балалардың миллий өзлигин умытпастан өсиўине хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА