Тәсиршең парламентлик қадағалаў – раўажланыў факторы

67

Парламентлик изертлеўлер институты тәрепинен Германияның Конрад Аденауэр фондының Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте “Тәсиршең парламентлик қадағалаў: миллий ҳәм сырт ел тәжирийбеси” атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди.

Онда парламентлик қадағалаў институтының әҳмийети, түрлери, парламент жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, санластырыў процесслери, парламентлик қадағалаў жумысын әмелге асырыўдың мәмлекетлик ҳәм халық турмысындағы орны сыяқлы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары барлық тараўда түпкиликли реформалар әмелге асырылып, мәмлекетимиз барған сайын жаңаша раўажланыў басқышына қәдем қоймақта. Онда жаңа редакциядағы Конституция ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңбериндеги ҳәрекетлер әҳмийетли орын ийелейди. Әсиресе, жаңаланған Бас нызамымызда беккемленген ўәкилликлер парламент жумысына жаңаша мазмун бағышлады. Нызам шығарыўшы уйымның ўәкилликлери салмақлы дәрежеде арттырылды.

Әнжуманда парламент ўәкиллери, ҳуқықтаныўшы, сиясаттаныўшы илимпазлар, экспертлер шығып сөйлеп, парламенттиң демократиялық реформалар процесиндеги орны, оның жумысына байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

– Заманагөй дүньяда парламентлердиң жумысы инсан ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге қаратылғаны менен айрықша итибарға ийе, – деди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Парламентлик изертлеўлер институтының директоры Акром Тошпўлатов. – Миллий парламентимиз демократиялық басқарыўдың жүреги сыпатында бәрқулла пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин сәўлелендиреди. Парламентлик қадағалаў тек ғана сиясий механизм емес, ал халық ҳәм мәмлекет арасындағы исеним көпири, нәтийжели басқарыўдың тийкары есапланады.

Конференцияда сайлаў нызамшылығындағы реформалар ҳаққында да сөз етилип, әҳмийетли өзгерислер әмелге асырылғаны ҳәм 2024-жылғы парламент сайлаўы пүткиллей жаңаша көринисте өткени атап өтилди.

Конрад Аденауэр фондының Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Андре Алгермиссен Өзбекстанда парламенттиң роли беккемленгени, ҳәкимиятлар бөлиниўинде әҳмийетли буўын сыпатында күшейтилгени итибарға ылайық екенин атап өтти. Парламенттиң ўәкиллик ҳәм нызамшылық функциялары дүньядағы ҳәр қандай мәмлекет ушын демократиялық сиясий процесслердиң әҳмийетли факторы есапланатуғынын тән алды.

Сондай-ақ, ол өз сөзинде “Өзбекстандағы реформалардың табысы тек ғана гөззал мәмлекетиңиздиң раўажланыўы ҳәм абаданлығы менен емес, ал пүткил Орайлық Азия регионының турақлы ҳәм қәўипсиз келешеги менен де байланыслы”, деди.

Әнжуманда парламент жумысын санластырыў, мәлимлеме-таллаў инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў, депутат, эксперт ҳәм пуқаралар арасында жедел сөйлесиўди тәмийинлейтуғын санлы платформаларды енгизиў бүгинги күндеги әҳмийетли мәселелерден екенлигине итибар қаратылды. Сондай-ақ, парламентлик қадағалаўды нәтийжели әмелге асырыўдағы айырым мәселелерди шешиўде илимий қатнас ҳәм жуўмақлар зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул бағдарда 2025-жылғы Мәмлекетлик бағдарламада парламент жумысында ақыл орайлары менен системалы түрде бирге ислесиўди жолға қойыў ўазыйпасы белгиленгени айтып өтилди.

Сондай-ақ, конференцияда Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили – Омбудсман ҳәм Балалар Омбудсманы шығып сөйлеп, бул институтлар парламентлик қадағалаўдың әҳмийетли буўыны сыпатында инсан ҳуқықлары ҳәм мәплери, балалар ҳуқықларын қорғаў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда белсене қатнасып атырғанын атап өтти. Ҳәр еки Омбудсман ҳәм парламент арасындағы бирге ислесиў пуқаралар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў, халықтың мәплерине хызмет етиўге қаратылғаны менен итибарлы.

Әнжуманда парламентлик қадағалаў жумысында нызамлардың орынланыўын қадағалаў, нызамлардың турмысқа сәйкеслигин бақлаў, таллаў ҳәм оның тийкарында терең тийкарланған жуўмаққа келиў әҳмийетли ўазыйпа есапланатуғыны айтып өтилди. Атап өтилгениндей, парламентлик қадағалаў нызам ҳүжжетлериниң турмыста қай дәрежеде ислеп атырғанын, олар әмелде пуқаралардың мәпин қалай тәмийинлеп атырғанын анық көрсетип береди.

Конференцияда парламентлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў, бул бағдарда сырт ел тәжирийбелерин үйрениў, парламент жумысын заман талабы дәрежесинде жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

 

Муҳтарама Комилова,

Аслиддин Алижонов (сүўрет),

ӨзА