Шымбайда жаңа мектеп қурылысы жуўмақланбақта

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы тийкарында Бажыхана комитетине айрықша бағдарламаға муўапық аймақларда биреўден улыўма билим бериў мектебинде қурылыс-оңлаў жумысларын шөлкемлестириў ўазыйпасы жүклетилген.
Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен Шымбай районындағы “Дослық” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан мектеп ҳәм спорт зал қурыў жумыслары белгиленген еди. Бул объектлер бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлери таярланып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Ҳәзирги күнде бул мектеп ҳәм спорт залы таяр жағдайға келтирилмекте. Барлық класс ханалары заманагөй үскенелер менен тәмийинленип, оқыўшыларға бүгинги күнниң талабына сай шараятлар жаратылады. 330 орынға мөлшерленген билимлендириў орайы жақын күнлерде пайдаланыўға тапсырылады.
ӨзА