Орайлық Азия ҳәм Европа Аўқамы арасында экономикалық сөйлесиў кеңеймекте

Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиў кейинги жылларда кеңейип, стратегиялық ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе болмақта. Бул қатнасықлар тек ғана саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў емес, ал сиясий, экологиялық ҳәм социаллық тараўларда да өз тәсирин көрсетпекте. Ҳәр еки тәреп ушын да нәтийжели ҳәм турақлы бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында қаралады.
Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар “Европа Аўқамы – Орайлық Азия” үшинши экономикалық форумының әҳмийети ҳаққында ӨзА хабаршысына интервью берди:
– Бүгин Экономикалық форум, ертең Транскаспий транспорт инвестиция форумы ҳәм жума күни туризм конференциясы өткериледи. Бул болса еки тәреплеме қатнасықларымыз қаншелли кеңейгенин көрсетеди.
Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия экономиканың барлық тараўларында жедел бирге ислеседи. Биз Ташкентте өзбек кәсиплеслеримиз бенен биргеликте бул илажды шөлкемлестиргенимизден оғада қуўанышлымыз.
Бул илаж бизиң бирге ислесиўимизге және бир күшли түртки беретуғынына исенемен. Соның менен бирге, форумда Әзербайжан, Грузия, Түркия сыяқлы мәмлекетлердиң ўәкиллери де қатнаспақта. Биз әҳмийетли коридордағы барлық тийкарғы қатнасыўшыларды бирлестирип атырмыз.
Форум Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўына да жәрдем бермекте. ЖСШға ағза болыў бойынша сөйлесиўлер Европа Аўқамы тәрепинен мәмлекетке турақлы түрде жәрдем көрсетилген бағдарлардан бири болып есапланады. Биз өзбек шериклеримизди техникалық жәрдем менен қоллап-қуўатладық. Сөйлесиўлер ЕА көзқарасынан дерлик жуўмақланған. Енди барлық шериклер менен жуўмағына жетиўин күтип қаламыз. Бул Өзбекстанға тез ўақыт ишинде ЖСШға ағза болыў имканиятын береди.
“Жасыл” энергетика ҳәм климаттың өзгериўине қарсы гүресиў бизиң бирге ислесиўимизде әҳмийетли бағдар болып есапланады. Мәселен, Қырғызстандағы “Қамбарата ГЭС” бойынша Орайлық Азиядағы шериклеримиз бенен бирге ислесип атырмыз. Бул ГЭС тек ғана Қырғызстанды емес, ал қоңсы мәмлекетлерди де энергия менен тәмийинлеўге хызмет етеди.
Буннан тысқары, “жасыл” энергияны раўажландырыў ҳәм оны Европаға жеткериў имканиятларын биргеликте үйрениўге үлкен қызығыўшылық бар. Және де әҳмийетлиси, Орайлық Азияда бизнес орталығын раўажландырыў мақсетимиз. Бул болса Европа компанияларының регионда белсене қатнасыўын тәмийинлейди.
Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия бирге ислесиўиндеги тийкарғы тосқынлықлар аралық пенен байланыслы болып, оларды транспорт байланыслары арқалы жеңиў мүмкин. Соның менен бирге, регион Европа компаниялары ушын инвестиция ҳәм бизнес жүргизиўде мүнәсип орынға айланыўы керек. Форум әне усы мақсетлердиң орынланыўына қаратылғаны менен әҳмийетли.
ӨзА