Сардор Рустамбоев Өзбекстанның Бангладештеги жаңа елшиси болды

Өзбекстанның Бангладештеги елшиси Сардор Рустамбоев усы мәмлекет Президенти Муҳаммад Шаҳобуддинға исеним жарлықларын тапсырды. Бул ҳаққында “Дунё” мәлимлеме агентлиги хабар берди.
Мәлим етилиўинше, салтанатлы мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Бангладеш арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективалары додаланды.
Сондай-ақ, ушырасыўда Бангладеш ҳүкиметиниң мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратып атырғаны билдирилген.
Тоқымашылық, фармацевтика ҳәм былғары санааты сыяқлы тараўларда шериклик ушын салмақлы потенциал бар екенлиги атап өтилди. Бангладеш тәрепи бул бағдарларда тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға таяр екенин мәлим еткен.
Атап өтилиўинше, сөйлесиўде мәдений-гуманитарлық, атап айтқанда, туризм ҳәм жоқары билимлендириў тараўларындағы шерикликти раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылған.
Муҳаммад Шаҳобуддин Өзбекстанды Бангладештиң Орайлық Азиядағы тийкарғы регионаллық шериги ҳәм исенимли досты деп атаған. Ол соңғы жыллары Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында турмыстың барлық тараўларында әмелге асырылып атырған жедел реформалар ҳәм избе-из басламалар себепли мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы ҳәм имиджи жоқарылап атырғанын айрықша атап өткен.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан ҳәм Бангладеш арасында дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 15-октябрьде орнатылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги