Және бир жойбар Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған “Қарақалпақстанда бизнес ислең” мәмлекетлик бағдарламасының нәтийжелилигин ҳәм аймақтың инвестициялық тартымлылығы артып баратырғанын айқын көрсетпекте

69

Кегейли районында Әндижан ўәлаяты исбилерменлери менен биргеликте шөлкемлестирилген “Kegeyli Baraka Naslli Parranda” заманагөй қусшылық кәрханасына бардық.

Қус гөши ҳәм мәйек ислеп шығарыў жолға қойылып, аймақтың агросанаатының раўажланыўына сезилерли үлес қосылды.

Бул жойбардың әмелге асырылыўы Қарақалпақстанда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, жергиликли өндиристи кеңейтиў ҳәм аўыл хожалығын турақлы раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.