Анимация – бул киши бағдар емес, ал дүнья креатив экономикасының үлкен ҳәм ажыралмас бөлеги. Соның ушын биз тараўда маман қәнигелер таярлап, глобаллық базарға шығыўға умтылыўымыз керек
62

Балалар контентин раўажландырыў орайының мәмлекет бойлап усы бағдарда оқыў курсларын шөлкемлестириў усынысын қоллап-қуўатлап, бул басламаны әйне Қарақалпақстаннан баслаў кереклигин айтқан едим.
Нөкиске сапарым ўақтында усы оқыў курсының жумысы менен таныстым. Жаслар менен сәўбетлесер екенмен, көзлериндеги қызығыўшылықты көрдим, сездим. Олар тек ғана оқыўға емес, ал өз келешегин жаратыўға умтылмақта.

Биз жасларымызға имканият жаратсақ, олар әлбетте нәтийже береди. Кеше Нөкисте буған және бир мәрте исендим.