2026-жылы темеки ҳәм нефть өнимлерине акциз салығын арттырыў усыныс етилмекте

Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен жәрияланған 2026-2028-жылларға мөлшерленген бюджет жойбарында айырым түрдеги, соның ишинде, алкоголь, темеки ҳәм нефть өнимлери ушын акциз салығының өзгеретуғынын мәлим етти.
Атап өтилиўинше, халық арасында саламат турмыс тәризин хошаметлеў, сондай-ақ, ЖДСШның жергиликли ҳәм импорт етилетуғын темеки ҳәм алкоголь өнимлери ушын акциз салығы ставкаларын басқышпа-басқыш бирлестириў талапларынан келип шығып, айырым түрдеги өнимлер ушын акциз салығы муғдарларын өзгертиў усыныс етилмекте.
Атап айтқанда, ПП-85-санлы пәрман ҳәм ЖСШ талапларынан келип шығып, 2027-жыл 1-январьға шекем алкоголь өнимлери ушын акциз салығы ставкаларын бирдей етиў мақсетинде арақ, коньяк ҳәм басқа да алкоголь өнимлери ушын акциз салығы ставкасын 2026-жыл 1-февральдан жергиликли өнимлерге 1 литр ушын 48 мың сум, импорт етилетуғынға 1 литр ушын 60 мың сум және 2026-жыл 1-июльден ставкаларды теңлестирген ҳалда 1 литр ушын 48 мың сум етип белгилеў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-февральдан жергиликли ҳәм импорт етилетуғын вино ҳәм пиво бойынша төмендеги салық ставкаларын белгилеў усыныс етилмекте:
– тәбийғый виноның 1 литри ушын жергиликли ислеп шығарыўшыларға 7 мың сум ҳәм импорт етилетуғын өнимлерге 12 мың сум және басқа түрдеги винолардың 1 литри ушын жергиликли ислеп шығарыўшыларға 9 мың сум ҳәм импорт етилетуғын өнимлерге 15 мың сум;
– пивоның 1 литри ушын жергиликли ислеп шығарыўшыларға 3 мың сум ҳәм импорт етилетуғын өнимлерге 5 мың сум. 2026-жыл 1-июльден баслап акциз салығы ставкаларын теңлестирген ҳалда тәбийғый виноның 1 литри ушын 10 мың сум, басқа түрдеги виноның 1 литри ушын 12 мың сум, сондай-ақ, пивоның 1 литри ушын 4 мың сум муғдарында белгилеў усыныс етилмекте.
2026-жыл 1-январьдан баслап 1 литр тутыныў ҳәм техникалық этил спирти ушын 15 мың сум акциз салығы ставкасын сақлап қалған ҳалда, этил спиртиниң бас фракциясына акциз салығын 1 литр ушын әмелдеги 15 мың сумнан 5 мың сумға шекем төменлетиў усыныс етилмекте.
Соның менен бирге, 2026-жыл 1-февральдан сигара, шылым ушын темеки, орамалы темеки, қыздырылатуғын темеки таяқшасы ҳәм вейплер ушын, 2026-жыл 1-июльден болса фильтрли, фильтрсиз сигареталарға салық ставкаларын 7 процентке арттырыў усыныс етилмекте. Онда жергиликли ислеп шығарыўшылар ҳәм импорт етилетуғын өнимлер ушын бирдей ставка қолланған ҳалда сигареталардың мың данасы ушын 365 мың сум, сигараның бир данасы ушын 21,5 мың сум, шылым ушын темеки, шегилетуғын орамалы темекиниң 1 кг ушын 642 мың сум, қыздырылатуғын темеки таяқшасының 1 кг ушын 481,5 мың сум, вейплердиң 1 мл ушын 2,14 мың сум етип белгилеў усыныс етилмекте.
2026-жыл 1-апрельден баслап қурамында қумшекер ямаса мазалы дәм бериўши зат болған және энергетикалық ҳәм тетиклеўши ишимликлер бойынша қурамындағы қумшекер элементиниң муғдарына қарап прогрессив тәртипте салыққа тартыў усыныс етилмекте.
Атап айтқанда, қурамында қумшекер болған 100 мл ишимликлердеги қумшекер муғдары:
– 5 граммға шекем болғанда 1 литри ушын 500 сум (әмелдеги ставка);
– 5 граммнан 10 граммға шекем болғанда 1 литри ушын 515 сум;
– 10 граммнан жоқары болғанда 1 литри ушын 535 сум.
Сондай-ақ, қурамында қумшекерден басқа мазалы дәм бериўши элементлер болған ишимликлерге 1 литри ушын 500 сум ҳәм энергетикалық ҳәм тетиклеўши ишимликлер ушын акциз салығы ставкасын 1 литр ушын 2 150 сум етип белгилеў усыныс етилмекте.
Онда, улыўма аўқатланыў тараўындағы кәрханалар және жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен таярланып тутыныўшыларға реализацияланған ишимликлер акциз салығына тартылмаўы бойынша анықластырыўшы қағыйдалар киргизилмекте, сондай-ақ, товарлар қурамындағы қант муғдары бойынша мағлыўмат тутыныў қадағында көрсетилмеген жағдайда ең жоқары салық ставкасының қолланылыўы нәзерде тутылмақта.
2026-жыл 1-апрельден нефть өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм ақырғы тутыныўшыларға сатыўда белгиленген акциз салығының ставкасын 7 процентке арттырыў, полиэтилен гранулалары (10 процент) ҳәм тәбийғый газ (12 процент) ушын болса әмелдеги салық ставкасын сақлап қалыў усыныс етилмекте,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги