Уллы Британиядағы ўатанласлар менен ушырасыў өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-марттағы тийисли пәрманы ҳәм қарары менен сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен турақлы қарым-қатнас орнатыў, олардың елимизде әмелге асырылып атырған реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин ҳәр тәреплеме қорғаў мәселелери сапа жағынан жаңа басқышқа шықты.
Өзбекстан делегациясының Уллы Британияға сапары даўамында Өзбекстанның усы мәмлекеттеги елшиханасында ўатанласлар менен ушырасыў өткерилди.
Онда бул мәмлекетте ўақтынша болып турған 100 ден аслам ўатанласларымыз, Лондон қаласындағы түрли тараўларда мийнет етип атырған, жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған өзбек студентлери, “Uzbekistan Students Union” (UzSU) – Уллы Британияда оқып атырған Өзбекстан студентлерин бирлестириў ушын шөлкемлестирилген жаслар шөлкеминиң ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Қаҳрамон Сариев Өзбекстанда ҳәр қыйлы тараўларда кең көлемли имканиятлар жаратылып атырғаны, соның ишинде, сырт елдеги ўатанласларды қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаўда пүткиллей жаңаша қатнаслар тийкарында системалы жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Усы көзқарастан, комитет баслығы Қ.Сариев ушырасыў қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен сырт елдеги ўатанласлар менен байланысларды раўажландырыў, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бағдарындағы мақсет ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мәлимлеме берди.
Сондай-ақ, Президентимиздиң усы жыл 19-март күни қабыл етилген Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетин шөлкемлестириўге қаратылған пәрманы ҳәм қарарында белгиленген ўазыйпалар шеңберинде сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен бирге ислесиў байланысларын және де беккемлеўге қаратылған “Uz Global Think”, “Who Is Who”, БМШ Раўажланыў бағдарламасының “Сырт елдеги ўатанласлар арқалы билимлерди трансферлеў” (TOKTEN) бағдарламасы, сырт ел оқыў орынларын питкерип, сол мәмлекет аймағында жасап, ислеп атырған ўатанласларды бирлестиретуғын, оларды қоллап-қуўатлайтуғын “Өзбекстанлы питкериўшилер” сыяқлы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Ушырасыў даўамында Уллы Британия аймағында ўатанласларымыздың жумысқа жайласыўы менен байланыслы қыйыншылықлар додаланды. Бул мәселе бойынша тийисли шөлкемлерге Комитет тәрепинен мүрәжат етилиўи ҳәм машқала тез пурсатта сапластырылыўы ҳаққында мағлыўмат берилди. Ушырасыў соңында ўатанласларға өзбек тилиндеги бир қатар әдебиятлар тарқатылды.
Н.Усмонова,
ӨзА