Өзбек-Француз университети шөлкемлестириледи

“Өзбек-Француз университетин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-354-санлы, 26.11.2025 ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” телеграм-каналы хабар берди.
Онда айтылыўынша, университет өз жумысын Өзбекстан нызамшылығыныӊ талаплары ҳәм Франция университетлери консорциумының усыныслары тийкарында әмелге асырады.
Университетте дәслепки басқышта магистратура, кейин ала басқышпа-басқыш бакалавриат ҳәм докторантурада кадрлар таярлаў жолға қойылады.
Сондай-ақ, Университетке кириў ушын таярлаў курсы енгизиледи.
Билимлендириў процеси мақсетли мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.
Питкериўшилерге университет дипломи ҳәм (ямаса) Франция Республикасында аккредитациядан өткен билимлендириў бағдарламалары бойынша консорциум қурамына кирген тийисли Франция университетиниң дипломы бериледи.
Бунда питкериўшилерге берилген диплом Өзбекстан Республикасында тән алынады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги